14-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Имрон Ханның видеоәнжуман түриндеги ушырасыўы болып өтти.

Күн тәртибинен көп қырлы Өзбекстан – Пакистан шериклигиниң әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, конструктивлик сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда, инвестициялар, транспорт ҳәм транзит тараўларындағы әмелий бирге ислесиўди, аймақлар арасындағы алмасыўларды кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бағдарламаларын алға қойыў мәселелери орын алды.

Сөйлесиў алдында еки мәмлекеттиң жетекшилери мүбәрек Рамазан айының басланғаны мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дос халықларымызға тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Кейинги жыллары жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер еки тәреплеме қатнасықлардың жедел раўажланыўына, оларды анық мазмун менен байытыўға хызмет еткени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Пандемияға қарамастан, жедел алмасыўлар даўам етти. Өз-ара саўда көлеми артып, биргеликтеги бизнес жойбарларының саны көбеймекте.

Аймақлар арасында шериклик байланыслары жолға қойылмақта. Атап айтқанда усы жылдың февраль айында Панжоб штаты ҳәкими басшылығындағы исбилерменлик миссиясының Наманган ўәлаятына сапары табыслы болып өтти.

Биргеликтеги ҳәрекетлер менен Трансаўған темир жолын қурыў бойынша стратегиялық жойбар әмелге асырылмақта.

Билимлендириў, мәденият ҳәм туризм тараўларындағы еки тәреплеме бирге ислесиў де кеңеймекте.

Онлайн-ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң тийкарғы ўазыйпалары толық көрип шығылды ҳәм биринши гезектеги илажлар белгилеп алынды. Болажақ илажлардың режеси келисилди.

Конструктивлик сиясий сөйлесиўди, парламентлераралық және халықаралық ҳәм регионаллық структуралар шеңберинде тығыз байланысларды даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.

Транспорт ҳәм транзит тараўындағы тийкарғы жойбарларды алға қойыў, товар алмасыўды көбейтиў ҳәм өндирис кооперациясын күшейтиў ушын қолайлы шараятларды жаратыў бойынша қосымша илажлар көриў, соның ишинде, жеңиллетилген саўда ҳаққында келисим ҳәм экономиканың тийкарғы тармақларында бирге ислесиў бағдарында «жол картасы»н қабыл етиў, биргеликтеги исбилерменлик форумларын өткериў бойынша келисимлерге ерисилди.

Еллеримиз арасында авиақатнаўларды тиклеў мәселеси үйрениледи.

Еки мәмлекет жетекшилери Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен тез ўақыт ишинде шешиў мәселелерине айрықша тоқтап өтти. Бул мәмлекеттиң жедел экономикалық тиклениўине қаратылған ҳәрекетлер қоллап-қуўатланды.

Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиниң басқа тәреплери бойынша да пикир алысылды.

Улыўма, Өзбекстан-Пакистан саммити әдеттегидей ашық, әмелий ҳәм дослық руўхында болып өтти.

Ушырасыў соңында Биргеликтеги билдириў қабыл етилди және стандартластырыў ҳәм метрология, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды.

 

ӨзА