Буннан 25 жыл бурын Шымбай районы ҳәкиминиӊ 26-апрель күнги қарары менен шѳлкемлескен  районлық Халық билимлендириӯ бѳлимине қараслы 1-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп бурынғы мектеп-интернаты имаратында 110 оқыӯшы менен жумыс баслаған еди.

Мектептиӊ биринши директоры Қарақалпақстан Халық муғаллими Есбосын аға Тәженовтыӊ шебер шѳлкемлестириӯшилигиниӊ арқасында мектеп оқыӯшылары район ҳәм республика кѳлеминде ѳткерилетуғын пәнлер олимпиадасы ҳәм ҳәр қыйлы таӊлаӯларда жеӊимпазлықты қолға киргизгенлиги, бүгин еле кешегидей ядымызда. Әсиресе, бул мектеп питкериӯшилериниӊ жоқары оқыӯ орынларына  кириӯ кѳрсеткиши де республика бойынша алдынғы орынлардыӊ биринде туратуғын еди.

2016 –жылы Есбосын аға ҳүрметли мийнет дем алысына кеткенннен соӊ,  мектепте қандай ѳзгерислер жүз берди?  Оқыӯ дәргайыныӊ бүгинги жағдайы қандай дәрежеде? Бизлер жақында усы мектепте болып, оныӊ бүгинги аӯҳалы ҳәм оқыӯшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстық.

Бүгинги күни 340 оқыӯшы тәлим-тәрбия алып атырған бул мектепке,  2016-жылдан бери Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯи ағласы Саламат Асанов басшылық етип келмекте.

-2018-2019-оқыӯ жылы тамамланғанша оқыӯшыларымыз 220 орынға мѳлшерленген класс бѳлмелери жетиспейтуғын, спорт залы жоқ ески имаратта оқыйтуғын еди,-дейди мектеп директоры.-2019-жылы район ҳәкимлиги ҳәм тараӯ басшыларыныӊ қоллап-қуӯатлаӯыныӊ арқасында 3 қабатлы «Кеӊес» аӯылхожалығы кәсип-ѳнер колледжиниӊ бинасы мектеп балансына ѳткерилип берилди ҳәм ҳәзирги күни оқыӯшыларымыз барлық қолайлылықларға ийе имаратта тәлим алмақта.

Шынында да мектеп ишин аралап танысар екенбиз, онда оқыӯшы ҳәм педагоглар ушын кѳплеген қолайлы шараятлардыӊ жаратылып берилгенлигиниӊ гүӯасы боламыз. Арнаӯлы пән кабинетлери, оқыӯ лабораториялық ханалар, китапхана ҳәм спорт залы бүгин оқыӯшылардыӊ сүйикли орынларына айланған.

-Бурынғы мектеп имаратымызда 10 класс бѳлмеси бар болса, ҳәзир 20 класс бѳлмеси, химия ҳәм физика пәнлеринен сабақ ѳтиӯи ушын оқыӯ лабораториялық ханалар, компьютер класына ийе болдық,-деп сѳзин даӯам етти Саламат Асанов.-Бул муғаллимлеримиздиӊ оқыӯшыларға  сабақтан бос ӯақытлары пән дѳгереклерин ѳтиӯине имканият жаратты. Соныӊ менен бирге, спорт залымызда да оқыӯшыларымыз спорттыӊ волейбол, шахмат-шашка ҳәм жеӊил атлетика түрлери менен шуғылланып, жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте. Атап айтатуғын болсам, спорттыӊ шахмат түринен 3-класс ҳәм 6-класс оқыӯшыларымыз Айнура ҳәм Айзада Сәрсенбаевалар Қарақалпақстан чемпионы атанған болса, 6-класс оқыӯшысы Әзизбек Муратбаев бокс бойынша республикада 3-орынды, волейбол бойынша ер балалар командамыз районда 1-орынды ийелеӯге миясар болды. Пәнлер олимпиадасыныӊ районлық басқышында математика пәнинен 9-класс оқыӯшысы Бийбисәнем Қулымбетова, Әзиза Кеӊесбаева, 11-класс оқыӯшысы Әзизбек Реймов, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен Гүлайым Батырбековалар 1-орынды ийелеп, республикада жоқары балл топлаӯға еристи. Сондай-ақ, Қоқанд олимпиадасында 9-класс оқыӯшысы Әзиза Кеӊесбаева математика пәни бойынша республикада жеӊимпаз болған болса, Жарқынай Турдымуратова атлы оқыӯшымыз аяқ ойын бағдары бойынша Қарақалпақстан Республикасында 3-орынды ийелеп мектеп жәмәәтин қуӯанышқа бѳледи.

-Оқыӯшылардыӊ жоқары оқыӯ орынларына кириӯ кѳрсеткиши туӯралы не айтасыз,-деп сорадым оннан гәп арасында.

2018-2019-оқыӯ жылында мектебимизди 14 оқыӯшы тамамлап, соннан тек 1 оқыӯшымыз ғана жоқарғы оқыӯ орнына кирген болса, ѳткен оқыӯ жылында 18 оқыӯшы мектебимиздиӊ 11-класын питкерип, соннан 9 оқыӯшы жоқары оқыӯ орынларына кириӯге миясар болды. Бул әлбетте, тек мениӊ емес, ал, мектебимизде оқыӯшыларға жалықпастан тәлим-тәрбия алып атырған барлық пидайы педагоглар ҳәм ѳз перзентлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуӯатлап киятырған ата-аналардыӊ айрықша ислеген хызмети деп ойлайман.

Алдағы ӯақытлары да мектеп жәмәәти устазымыз Есбосын Тәженовтыӊ үлгили ислерин даӯам етип, оқыӯшыларымыздыӊ елимизге пайдасы тийетуғын белгили азаматлар болып жетилисиӯине аянбастан хызмет ете беремиз деп халқымызды исендирип қаламыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги