Ҳәзирги ўақытта  «Депутатлар мәҳәлледе-машқалалардың шешимине қарай» жойбары шеңберинде депутатлар өзлери сайланған аймақлардағы машқалаларды үйме-үй кирип үйрениў жумысларын алып бармақта.

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги O’zLiDEP депутатлық топарының ағзасы  Айдос Төремуратов  өзи сайланған  «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы халықтың, әсиресе, жаслардың машқалаларын үйрениўде белсендилик көрсетип келмекте. Анықланған машқалалар бойынша тийисли орынларға депутатлық сораўнама жиберип, көпшилик машқалалар унамлы шешимин таўып келмекте.

Ҳәзир әйне егис мәўсими ҳәўиж алған пайыт. «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Илҳам Хамидуллаев ҳәм Қарлыбай Сейтовлар  бираздан берли жумыссыз еди. Депутат жаслар менен сәўбетлесип, олардың дийқаншылыққа қызығыўшылығы бар екенлигин анықлады.  Олардың үй қапталы қыйтақ жери менен шуғылланыўына мүмкиншилик жаратыў мақсетинде, кредит алыў ушын тийисли орынларға депутатлық сораўнама жиберди. Нәтийжеде «Микрокредитбанк»тиң районлық филиалының кредити есабынан Илҳам Хамидуллаев ҳәм Қарлыбай Сейтовларға  «Зубр» мотоблоклары алып берилди.

-Мотоблок егислик жерлерди қайта ислеў, егин егиў, қарық жарыўда ықшам аўыл хожалығы техникасы болып табылады,-дейди жаслардан бири Илҳам Хамидуллаев.-Бул алынған техника менен өзимниң жеримди ислеў менен шекленип қалмастан, қоңсыларыма да жәрдем бермекшимен. Буны алыўда жақыннан жәрдем берген аймақтан сайланған депутатымызға миннетдаршылық билдиремен.

Орынларда әмелге асырылып атырған қайырлы ислер жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм егислик жерлерден өнимли пайдаланыўға хызмет етпекте. Алынған техниканың жәрдеминде үй қапталы қыйтақ жерлеринде егис жумыслары баслап жиберилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги