Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Бақсышылық көркем өнерин республикалық ҳәм халықаралық көлемде кеңнен  үгит-нәсиятлаў, Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын руспубликаның басқа аймақларында да өткериў, Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында бар болған өзине тән атқарыў усыллары  тийкарында дөретиўшилик мектеплерди «устаз-шәкирт»  дәстүрлери  тийкарында қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў мақсетинде:

  1. Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Жазыўшылар аўқамы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жылы Нөкис қаласында II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын (кейинги орынларда – Фестиваль) шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 1-ноябрьдеги ПҚ-3990-санлы қарары менен тастыйықланған Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (А.Н.Арипов):

а) Фестивальды Қарақалпақстан Республикасында жоқары шөлкемлестириўшилик ҳәм көркемлик дәрежеде өткериў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын;

б) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда:

Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын келешекте басқышпа-басқыш  республиканың басқа аймақларында өткериў илажларын  көрсин;

санитария-эпидемиологиялық жағдайды инабатқа алған ҳалда быйылғы жылдағы Фестиваль және келешектеги Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивальларын өткериў мүддетин белгилесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл,  10-апрель