Нөкис районы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қоңыратбай-Меҳри» фермер хожалығы тек усы районда емес, ал, республикамыздағы еӊ алдынғы көп тармақлы фермер хожалықларыныӊ бири болып табылады.

Хожалық ағзалары дийқаншылық пенен бирге мал шарўашылығында да жақсы көрсеткишлерге ерисип келмекте.  Ҳәзирги ўақытта 75 адам жумыс ислеп атырған  бул фермер хожалығыныӊ фермасында  473 бас қарамал күтимли бағылмақта. Соннан 80 басы Украина мәмлекетинен алып келинген  нәсилли маллар есапланады. Нәсилли қарамалларды бағып, оларды көбейтиўдиӊ әдисин алған фермер Есенбай Айтмуратов быйылғы жылы да «Халық банк»тиӊ  Ақмаӊғыт филиалынан 12 млрд 680 млн сумлық кредит алып,  Франция мәмлекетинен  250 бас «Монбельярд» нәсилли қарамал, сүтти қайта ислеўши заманагөй үскене ҳәм от-шөп оратуғын комбайн алып келиўди режелестирген.

-Бүгинги күнге келип 95 бас буўаз қашарлар ҳәм сүтти қайта ислеўши үскенениӊ айырым бөлеклери алып келинди,-дейди бизге хожалық баслығы Есенбай Айтмуратов.- Маллардыӊ қалғанын болса, май айына шекем толық алып келиўди мақсет еткенбиз. Ҳәзир усы алып келинген малларымызды өзимиздиӊ климат шараятымызға бейимлестириўге ҳәрекет етип атырмыз.

Шынында да бүгинги күни елимизде фермер ҳәм исбилерменлерге өзлериниӊ жумысларын еле де раўажландырыў ушын көплеген шараятлар жаратылып берилмекте. Буннан нәтийжели пайдаланыў болса, ҳәр кимниӊ искерлигине байланыслы, десек алжаспаған боламыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги