Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имран Хан 14-апрель күни видеоәнжуман түринде ушырасыў өткереди.

Илаждың күн тәртибинен еки тәреплеме әмелий шериклик ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған.

Тийкарғы итибар Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын биргеликте алға алға қойыў, өз-ара саўда көлемин арттырыў, еки мәмлекеттиң жетекши кәрхана ҳәм компаниялары арасындағы кооперацияны кеңейтиў, авиақатнаўларды тиклеў, аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды раўажландырыўға қаратылады.

Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысып, болажақ илажлардың режесин көрип шығады.

Саммит соңында сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация ҳәм билимлендириў тараўларына байланыслы бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген.

 

ӨзА