«II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-5070, 10.04.2021-ж) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2021-жылы II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы Нөкис қаласында өткериледи.
Фестивальды Қарақалпақстан Республикасында жоқары шөлкемлестириў ҳәм көркемлик дәрежесинде өткериў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылады.
Сондай-ақ, Фестивальды усы жылы өткериў мүддети санитариялық-эпидемиологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда белгиленеди.
uza.uz
Қарақалпақстан хабар агентлиги