2021-жыл 5-апрель күни gazeta.ru сайтында Россияның «Совкомбанк» жеке-меншик универсал коммерциялық банкиниң бас аналитиги Михаил Васильевтиң мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўына түртки болып атырған тийкарғы факторлар ҳаққындағы «Өзбекстан – Орайлық Азияның жаңа жолбарсы» атлы мақаласы жәрияланды. Төменде усы мақаланың аўдармасы менен танысыўыңыз мүмкин.

«ХХ-әсир орталарынан баслап Азия регионындағы бир топар мәмлекетлер қысқа ўақыт ишинде экономикалық ҳәм технологиялық раўажланыўда мисли көрилмеген табысларға ерисип, жәҳән жәмийетшилигин бир неше рет тан қалдырды. Көплеген қүдиретли мәмлекетлер де өз тарийхында бундай кескин раўажланыўға ерисе алмаған.

«Азия жолбарыслары» феномени әллеқашан экономика сабақлықларына киргизилген. Азия жолбарысларының биринши толқыны – Қубла Корея, Сингапур, Тайвань ҳәм Гонконг 1960-1990-жыллар аралығында ең жоқары шынға көтерилди. Бул мәмлекетлердеги жедел өсиў пәти 1998-жылы жүз берген жәҳән финанслық экономикалық кризистен соң турақласты.

Екинши толқын жолбарыслары – Индонезия, Малайзия, Вьетнам ҳәм Тайланд модернизацияны өткен әсирдиң 90-жыллар ақырынан баслады. Ҳәзирги ўақытта усы мәмлекетлер азиялы «тунғыш» шериклери  технологиялық шынжырда толық қатнаспақта, экономикалық раўажланыў бойынша «үлкен жолбарыс»ларға жақынласып атыр. Нәтийжеде, бул мәмлекетлерде кәрханалар көп дәрамат алып, халық континентиниң басқа мәмлекетлерине қарағанда жақсы жасаса да, ҳәзирги ўақытта экономиканың өсиў пәти илгерилегениндей жоқары емес.

Енди үшинши толқын дәўири келди ҳәм Орайлық Азияның ўәкили – Өзбекстанды исеним менен гезектеги локомотиви, деп атаў мүмкин екенлиги тәбийғый жағдай.

Не себептен Өзбекстанды Қубла-Шығыс Азиядан басланған эстафетаны өз қолына алып, жаңа жолбарыс бола алады, деп исеним менен айтыў мүмкин?

Неге десеңиз, барлық «жолбарыс»ларды бирден-бир фактор – сырт елли инвестициялық ағым ҳәм инсан капиталының сапасын жақсылаў идеясы бирлестирген. Булар бүгинги күнде, әсиресе, кейинги жылларда Өзбекстанға тән болған факторлар болып есапланады.

Орайлық Азиядағы нефтьи болмаған басқа мәмлекетлер арасында Өзбекстан ең жоқары – ҳәр бир адамға 1700 долларға тең мийнет өнимдарлығына ийе екенин инсан капиталы көзқарасынан атап өтиў керек. Өзбеклер бул көрсеткиш бойынша ҳәттеки экономикасы өзинен бес есе үлкен болған Пакистанды да артта қалдырды.

Жоқары мийнет өнимдарлығын сатып алынған технология ямаса сырт ел үскенелердиң өзи тәмийинлеп бере алмайды. Адамлардың мийнет нәтийжелилигин раўажландырыўдың және бир тийкарғы факторы билимлендириў болып есапланады.

Өзбекстанда совет дәўиринде ақ күшли орта билимлендириў системасы бар еди. Соның менен бирге бүгинги күнде мәмлекет және де раўажланып, жоқары билимлендириў институтлары да раўажланбақта.

Улыўма етип айтқанда, Өзбекстан билимлендериў ушын жылына ЖИӨниң 5-6 процентин жумсайды, булл тек ғана Ғәрезсиз мәмлекетлер Дослық Аўқамы емес, ал дүнья жүзи бойынша ең жоқары көрсеткишлерден бири болып есапланады. Мәселен, АҚШта билимлендириў ушын тап сондай қаржы жумсалады. Сырт елден келетуғын капитал ағымы болса экономикадағы структуралық өзгерислер катализаторы болып хызмет етеди.

Өзбекстанда 2016-жылдан баслап әмелге асырылып атырған экономикалық реформалардың нәтийжесинде сырт ел инвестицияларының ағымын жеделлестириў имканияты пайда болды. Бул процессте Президент Шавкат Мирзиёев, оның Администрациясы ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў, бизнестиң экономикалық белсендилигин хошаметлеўге байланыслы нызамларды ислеп шығарыўда қатнасатуғын уйымлардың жумысын атап өтпеўдиң илажи жоқ.

Валюта базары, режелестирилип атырған айырым ишки баҳалар либералластырылыўы, мәмлекетлик кәрханалар кең көлемде меншиклестирилиўи, заманагөй пул-кредит сиясатының жүргизилиўи – булардың барлығы ҳәр жылы Өзбекстанға барған сайын көбирек инвестиция киргизиўге таяр сырт елли  инвесторлар тәрепинен оғада унамлы қабыл етилмекте.

Жолға қойылған экономикалық реформалардың нәтийжесинде республика экономикасы көбирек санаат-технологиялық мәмлекеттиң белгилерине ийе болмақта. Өзбекстан ҳәзир де ЖИӨ көлеминде санаат ҳәм  өндирис және хызметлер бойынша салыстырғанда жоқары – 28 ҳәм 30 процент үлеске ийе. Нәтийжеде, бул тек ғана узын жолдың басланыўы. Мәмлекетте заманагөй заводлар ашылмақта, үскенелер импорт етилмекте. Бул ҳәрекетлер ерте ме кеш пе жергиликли экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығарыў көлемин сезилерли дәрежеде өсиўине алып келеди.

Өзбекстан экономикасының реал өсиў пәти бир неше жылдан берли 5 процентти қурамақта ҳәм булл тек ғана нәтийже емес. Өткен жылы ҒМДА мәмлекетлериниң арасында коронавирус пандемиясына қарамастан, ЖИӨ өсиў бойынша унамлы пәт ендирген мәмлекетлер сыпатында тек ғана Өзбекстан ҳәм Тәжикстан тән алынды.

Усы орында және бир сораў туўылады: Өзбекстан экономикалық секириўди әмелге асырыўына тосқынлық ететуғын факторлар бар ма?

Егер эпидемиялар ямаса жәҳән экономикалық кризиси түриндеге алдыннан айтып болмайтуғын жағдайларды есапқа алмасақ, улыўма етип алғанда – жоқ. Мәмлекетте экономикалық секириў ушын әжайып тийкар жаратылған. Өзбекстан – ресурслар ҳәм инсан капиталына бай, сыртқы қарызы салыстырмалы түрде аз мәмлекет. Республиканың заманагөй, алдынғы пикирли ҳүкимети реформаларды даўам еттирмекте. «Жолбарыс» қәдемин системалы тәризде әсте-ақырынлық пенен жүргизетуғын ямаса тоқтататуғын факторлар жоқ.

Михаил ВАСИЛЬЕВ,

«Совкомбанк»тиң бас аналитиги

ӨзА