Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Бүгинги күнде энергия ресурсларына болған талап қурамлы өзгермекте, атап айтқанда углеводород ресурсларынан қайта тиклениўши дәреклерге өтиўде водород энергетикасын раўажландырыў әҳмийетли мәселеге айланбақта.

Соның менен бирге, тараў жағдайының анализи  климат өзгериўи шараятында республикада нәтийжели, ресурс үнемлеўши ҳәм экологиялық қәўипсиз экономиканы тәмийинлеў менен бирге байланыслы  машқалалар бар екенлигин көрсетпекте.

Атап айтқанда, жеделлесип атырған санаатластырыў ҳәм халық санының өсиўи экономиканың энергия ресурсларына болған мүтәжлигин сезилерли дәрежеде арттырмақта, сондай-ақ, қоршаған орталыққа унамсыз антропоген тәсирди күшейтпекте.

Республиканың энергетика қәўипсизлигин беккемлеў ушын қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм водород энергетикасын турақлы раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, соның ишинде, бул тараўдың илимий потенциалын күшейтиў талап етиледи.

Республикада водород энергетикасының инфраструктурасын қурыў, қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасы тараўларында илимий ҳәм әмелий излениўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, инновациялық технологияларды ислеп шығарыўға кеңнен енгизиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының «жасыл» экономикаға өтиўди тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Инновациялық раўажланыў министрлиги, Энергетика министрлиги, Илимлер академиясы және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң:

Илимлер академиясының «Халықаралық қуяш энергиясы институты» ЖШЖ негизинде Энергетика министрлиги жанында  Қайта тиклениўши энергия дәреклери миллий илимий-изертлеў институтын (кейинги жылларда – Институт);

Институт структурасында Водород энергетикасы илимий-изертлеў орайын  және  Қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасының технологияларын сынаў ҳәм сертификатластырыў лабораториясын  шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасын раўажландырыў бойынша уйымлараралық комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

Институт жумысының шөлкемлестирилиўин муўапықластырыў;

қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасын раўажландырыў бойынша миллий стратегия  ҳәм басқа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыўды, сондай-ақ, бул тараўлардағы перспективалы жойбарлардың әмелге асырылатуғынын тәмийинлеў;

қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасы тараўларында зәрүр изертлеўлер өткериў және кадрларды  таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў мәселелеринде  министрликлер ҳәм уйымларға жәрдем бериў;

қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасы тараўларында фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер өткериў және илимий-техникалық жойбарларды әмелге асырыў ушын  зәрүр шараятлар , соның ишинде, илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық қолланбаларын енгизиўди қоллап-қуўатлаў.

  1. Төмендегилер Институттың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў имканиятларын  кеңейтиў ҳәм водород энергетикасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын қәлиплестириў,  бул тараўларда фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди өткериў және инновациялық жойбарларды ислеп шығыў;

қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм водородтан алынған энергияны электр және ыссылық энергиясына айландырыў есабынан олардан  экономиканың жоқары технологиялық тараўлары ҳәм қыйтақ жерлеринде нәтийжели пайдаланыў усылларын үйрениў ҳәм енгизиў;

қайта тиклениўши энергия ҳәм водородти  ислеп шығарыў, жеткерип бериў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары және техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў  ҳәм (ямаса) оларды халықаралық (мәмлекетлераралық, регионаллық) стандартлар талапларына ийкемлестириў;

алдынғы мәмлекетлердиң усы тараўлардағы илимий мәкемелери, орайлары және экспертлер менен  шериклик орнатыў ҳәм олардың қатнасыўында  изертлеўлерди шөлкемлестириў,  сондай-ақ, инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў, әмелге асырыў ҳәм оларда қатнасыў;

жергиликли  ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте  илимий излениўден өндириске шекем болған процеслерди өз-ара байланыстырыўшы бир системаны қәлиплестириў  ҳәм жоқары тәжирийбели илимий кадрларды таярлаў;

қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм водородты ислеп шығарыўшы, олардан пайдаланыўшы және бул түрдеги энергия  менен ислеўши үскене, қурылма ҳәм технологияларды  сынақтан өткериў  ҳәм сертификатлаў.

  1. Институт мәмлекетлик мәкеме түриндеги юридикалық тәреп есапланады, өзиниң еркин балансына, жеке ғазна ҳәм банк есап бетлерине және Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң сүўрети түсирилген ҳәм өз атамасы мәмлекетлик тилде  жазылған мөрге ийе болатуғынлығы;

Институт сапластырылып атырған «Халықаралық қуяш энергиясы инстиуты» ЖЖШке тийисли Ташкент қаласы, Шынғыс Айтматов көшеси, 2Б-үй, 2-корпус мәнзилиндеги бар және жаңадан қурылатуғын имарат ҳәм комплеклерге жайластырылатуғынлығы;

«Халықаралық  қуяш энергиясы институты» ЖШЖниң сапластырылыўы ўақтында Институтқа өткерилетуғын мүлклер, мүлклик ҳуқықлар, атап айтқанда акциялар ҳәм устав капиталларындағы тийисли үлеслердиң баҳасы  барлық  түрдеги салықлар бойынша салыққа тартыў объекти есапланбайтуғыны;

Институт «Халықаралық қуяш энергиясы институты» ЖШЖниң ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша  ҳуқықый мийрасхоры  есапланатуғын белгилеп қойылсын.

  1. Энергетика министрлиги жанындағы Қайта тиклениўши энергия дәреклери миллий илимий-изертлеў институтының жумысын шөлкемлестириў және Өзбекстан Республикасында қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасын раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

6.Қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасын раўажландырыў тараўындағы алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда Институт тың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:

а) Энергетика министрлиги (А.С.Султанов):

Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю. Абдурахмонов), Илимлер академиясы (С.З. Мирзаев) және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.К.Абдиназаров) пенен биргеликте  бир ай мүддетте  Институтты үскенелеў ушын зәрүр болған заманагөй лабораториялық әсбап-үскенелер, инвентарьлар, автотранспорт қураллары, арнаўлы  техника және программалық  тәмийнатлардың  дизимин  қәлиплестирсин және белгиленген тәртипте Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы «Жойбарларды ҳәм импорт  контрактларын комплексли экспертиза етиў орайы» МУКта  экспертизадан  өткерсин;

2021-жылы Институттың жумысын шөлкемлестириў, соның ишинде, оның материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў ҳәм беккемлеў, қәлиплестирилген дизимге муўапық товарларды сатып алыў, Институттың имаратын  оңлаў, белгиленип атырған бағдарларды изертлеўлерди  жедделестириў, инновацияларды кеңнен енгизиў, жетекши сырт ел факторларын изертлеўлерге тартыў, хызметкерлерди таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў  менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын  Энергетика министрлигиниң бюджеттен тысқары Жанар-май-энергетика тармағын раўажландырыў қоры есабынан 50 миллиард сумға шекем қаржыларды  ажыратсын;

б) Қаржы министрлиги (Т.А. Ишметов) 2022-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы  Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәр жылғы тастыйықланатуғын қәрежетлердиң параметрлеринде Институттың жумысын қаржыландырыў ушын  зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.

  1. Энергетика министрине:

зәрүр болғанда, Инстиут хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны ҳәм мийнетке  ҳақы төлеў фонды шеңберинде оның структурасына өзгерислер киргизиў;

Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда Институт бағдарларын кеңейтиўге байланыслы түрде Институт хызметкерлериниң  улыўма санын арттырыў  ҳуқықы берилсин.

Онда, Энергетика министрлиги (А.С.Султанов) Институттың жумысына қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасы  тараўында әмелий қолланбаларды жаратыўға қаратылған илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыўда ҳәм басқа да тийкарғы ўазыйпаларды орынлаўда  аутсорсинг механизмлери  турақлы түрде енгизилиўин тәмийинлесин.

  1. Институттың жумысын қаржалындырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстан Республикасының  республикалық бюджети  қаржылары;

Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен  илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарлары  шеңберинде өткерилетуғын таңлаўлар нәтийжелерине бола ажыратылатуғын қаржылар;

Энергетика министрлигиниң бюджеттен тысқары  Жанар май-энергетика тармағын раўажландырыў қорының қаржылары;

Энергетика министрлиги жанындағы  Тармақлараралық энергияны  үнемлеў қорының қаржылары;

республикалық ҳәм халықаралық финанс шөлкемлериниң  техникалық жәрдемлери ҳәм грантлары;

Институт тәрепинен шәртнама тийкарында  хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов) Энергетика министрлиги (А.С.Султанов), «Эл-юрт умиди» қоры (А.Ш.Бекмуродов), Илимлер академиясы (С.З.Мирзаев), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (У.Ш.Бегимкулов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.К.Абдиназаров) пенен биргеликте Институттың илимий  ҳәм илимий-техникалық хызметкерлериниң, сондай-ақ, республикада бул тараўларда жумыс ислеп атырған жас илимпаз ҳәм қәнигелердиң раўажланған сырт ел мәмлекетлериндеги жетекши илимий орайларда белгиленген тәртипте  илимий стажировкадан өтиўди қаржыландырыўды  тәмийинлесин.
  2. Энергетика министрлиги (А.С.Султанов):

еки ай мүддетте  Институттың  уставы,  оның материаллық-экономикалық жумыс көрсеткишлерин инабатқа алған ҳалда,  структурасы  және Институт хызметкерлериниң  мийнетине ҳақы төлеў ҳәм оларды хошаметлеў  тәртиби  ислеп шығылыўын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйқланыўын;

Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов) ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм қәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.К.Абдиназаров) пенен биргеликте 2021-жылдың жуўмағына шекем Қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасын раўажландырыў бойынша миллий стратегия  ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизилиўин  тәмийинлесин.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норқулов) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Х.Тошкулов) және Энергетика министрлиги (А.С.Султанов) пенен биргеликте:

бир ай мүддетте 2021/2022-оқыў жылынан баслап  Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети бакалвриатының «Альтернатив энергия дәректлери» (түрлери бойынша)  тәлим бағдары  бойынша қабыллаў параметрлерин водород энергетикасы бағдарында  қәнигелерди таярлаўды нәзерде тутқан ҳалда артырыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;

2024/2025-оқыў жылынан баслап Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик  техника университетинде «Водород энергетикасы ҳәм технологиялары» магистратура қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаўды жолға қойыў илажларын көрсин.

  1. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов) Энергетика министрлиги (А.С.Султанов), мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

алдынғы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, мәмлекетте водород энергетикасының раўажланыў жағдайы бойынша  жыллық есабатты  таярлаў ҳәм «InnoWeek.uz» инновациялық идеялар ҳәптелиги шеңберинде  оның презентациясын өткериў әмелиятын енгизсин;

еки ай мүддетте   2021-жылы Ташкент қаласында халықаралық финанс институтлары, жетекши халықаралық экспертлер, сырт ел изертлеў орайлары және технологиялық үскенелерди ислеп шығарыўшы компаниялардың қатнасыўында  альтернатив энергия дәреклерин қолланыў мәселелерине байланыслы халықаралық конференцияны  өткериў бойынша шөлкемлестириў илажларын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте әмелге асырсын.

  1. Энергетика министрлиги (А.С.Султанов) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.А.Вафаев), Сыртқы ислер министрлиги (А.Х.Камилов) ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов) менен биргеликте Энергетика министрлиги ҳәм «ACWA Power» (Саудия Арабстаны), «Air Products» (АҚШ) арасында қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасын раўажландырыў бойынша дүзилген ашық келисимге муўапық «ACWA Power», «Air Products» ҳәм басқа да жетекши компаниялардың инвестициялары ҳәм илимий хызметкерлерин Институттың материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм халықаралық дәрежедеги инновациялық излениўлерин кеңейтиў жумысларына тартсын.
  2. «Өзстандарт» агентлиги (Д.Н.Саттаров) белгиленген тәртипте Институт лабораторияларының аккредитациядан өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм соңынан усы лабораториялар аккредитация тараўындағы халықаралық стандартлар ҳәм қағыйдалардың талапларын есапқа алған ҳалда, халықаралық көлемде тән алынған аккредитация уйымларына аккредитациядан өтиўге жәрдем берсин.
  3. Институттың материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў ҳәм беккемлеў бойынша белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған алып киргизилип атырған үскенелер, технологиялық қурылмалар ҳәм үскенелер, материаллық-техникалық қураллары, программалық тәмийнат ҳәм хызметлер  бажыхана бажыларынан азат етилсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиның жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында» ПҚ-4142-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарлары 4-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  6. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдурахмонов ҳәм энергетика министри А.С.Султанов белгиленсин.

Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасының

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 9-апрель