Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығы Патшайымы Уллы мәртебели Елизаветта II ге

Уллы Мәртебели!

Өмирлик жолдасыңыз – Эдинборг герцоги, шахзада Филипп Уллы мәртебелиниң  қайтыс болғаны мүнәсибети менен Сизге терең қайғырыў менен кеўил айтаман.

Уллы Британия халқы ушын аўыр болған бул күнлерде Сиз ушыраған жоғалтыў қайғыңызға шерикпен.

Усындай аўыр бир ўақытта Сиз, Уллы мәртебелиге ҳәм патшалық шаңарағының барлық ағзаларына сабыр-тақат ҳәм аўызбиршилик тилеймен.

Шавкат Мирзиёев

Өзбекстан Республикасы Президенти