Уллы Саҳыпқыран бабамыз Әмир Темур туўылған сәнесиниң 685 жыллығы быйыл және де көтериңки руўхта, байрам тәризинде белгиленбекте.

Пайтахтымыздағы Әмир Темур бағы 9-апрель күни ерте таңнан дөретиўши зыялылар, кең жәмийетшилик ўәкиллери, студент-жаслар менен толды.

Бул жерде Саҳыпқыран естелигине алып баратуғын жолда өз тәғдирин ўатан келешеги менен байланыстырған әскерий жаслар сап тартты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинети, Олий Мажлис Сенаты ўәкиллери, Нызамшылық палатасы депутатлары, ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымлар, дөретиўши шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери, студент-жаслар, оқыўшылар Саҳыпқыран Әмир Темур естелигине гүллер қойды. Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдувоҳидов қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер академиясы оркестриниң атқарыўындағы намалар илажға және де салтанатлы руўх бағышлады.

Буннан соң жыйналғанлар ғәрезсизлик жылларында қурылған ағартыўшылық ҳәм мәнаўият орны – Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейине мирәт етилди. Оқыўшы жаслар ушын бул жерде күн даўамында экскурсия, ашық сабақлар шөлкемлестирилген болса, илимпазлардың қатнасыўындағы онлайн конференция Темур ҳәм темурийлер тарийхына қызығатуғын барлық жерлеслеримизде үлкен қызығыўшылық оятты.

Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслар комитети, Илимлер академиясы, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи, Халықаралық Әмир Темур қайырқомлық жәмийети фонды тәрепинен шөлкемлестирилген конференция «Саҳыпқыран Әмир Темур – темурийлер ренессансының тийкарын салыўшы» темасына бағышланды.

 

Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиниң директоры, тарийх илимлериниң кандидаты Хуршид Файзиев, Өзбекстан Илимлер академиясы вице-президенти Баҳром Абдуҳалимов, Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслар комитетиниң баслығы Рустамбек Қурбонов, Илимлер академиясы Тарийх институтының директоры Азамат Зиё елимизде жаңа раўажланыў басқышына қәдем қойылғаны, жәмийетимиз турмысында тийкарғы унамлы өзгерислердиң әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Ҳәзирги ўақытта миллий тарийхымызды үйрениў ушын да және де жаңа ҳәм кең имканиятлар есиги ашылды. Мәмлекетшилик, әскерий шеберлик бойынша үлкен дәстүрлер жаратқан Саҳыпқыран Әмир Темур елеге шекем дүнья итибарында екени дыққатқа ылайық. Қәўипсизлик, әдиллик, раўажланыўды үстин билген Әмир Темур дүнья тарийхының ажыралмас бөлеги болып есапланады.

Бул конференцияның темасында да үлкен ҳикмет бар. Руўхый жаңаланыў, Ренессанс  мәселеси елимиз ушын стратегиялық мәселе, Өзбекстан миллий идеясының әҳмийетли тәрепи.

– Әмир Темурдың тарийх сахнасына келиўи Орайлық Азия халықлары ушын да оғада зәрүр ҳәм әҳмийетке ийе, – деди Аўғанстан Ислам Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Аҳмад Ҳолид Элмий. – Оның аты жети ықлымға кеткен, саўашларда бир мәрте де жеңилмеген жәҳәнгир сыпатында тарийхтың алтын бетлеринен орын алған. Темур монғол басқыншылығын сапластырған, бирден-бир мәмлекет дүзген жәҳәнгир шахс. Ол Ояныў дәўирине түртки берди. Бул инсаний мүнәсибетлер, әдебият, қала қурылысы, архитектура, көркем өнер, мәденияттың раўажланыўында үлкен орын ийелейди.

– Әмир Темур уллы мәмлекетлик ғайраткер, Орайлық Азия халықларының мақтанышы, – деди ЮНЕСКОның елимиздеги ўәкилханасының басшысы Ян Хладик. – Темур ҳәм темурийлер дәўири менен байланыслы архитектуралық естеликлер ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мәдений мийрасы дизиминен орын алған. Темурийлер дәўирине байланыслы қымбат баҳалы дәреклер Испания, Уллы Британия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң музейлеринде сақланыўы Әмир Темурға дүнья көлеминдеги қызығыўшылықтан дәрек береди.

Әнжуманда Темур ҳәм темурийлер дәўири Ренессансы, Саҳыпқыран бабамыздың өмир жолы, жумысы, дүнья цивилизациясындағы орны ҳаққында толық сөз болды.

Усы күни музейге «Ғәрезсизлик жылларында Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўири тарийхына байланыслы басып шығарылған китаплар», «Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи нумизматика коллекциясы» атамасында көргизбелер де шөлкемлестирилди.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзА