Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 28 жыл толмақта.

Конституцияда халқымыздың барлық арзыў-нийетлери жәмленген болып, тийкарынан  пуқаралардың турмыс тәризин жақсылаў, ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған.

Соңғы жылларда республикамыздың жәмийетлик-сиясий, экономикалық жақтан раўажланыўында үлкен өзгерислер жүз берип атырғанлығын айрықша атап өтиўимиз тийис.

Әсиресе, жасларымызға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм көрсетилип атырған ғамхорлықлар негизинде олардың өмиринде үлкен бурылыслар жүз берип, олардың алға қарай умтылып атырғанлығына ҳәр қәдемде гүўа болып атырмыз.

Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўында пидәкерлик көрсетип атырған инсанлардың мийнетлери мүнәсип баҳаланып атырғанлығы бәршемизди  қуўандырады.

Бул өз гезегинде ҳәр биримизди әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар, өзгерислер процесинде және де белсендиликке умтылдырмақта.

Мәмлекетимизде қабыл етилип атырған ҳәр қандай нызам ҳәм унамлы басламалардың мазмуны-мәниси, әҳмийети ҳәм негизи бас нызамымыз Конституцияда орын алғанлығын айрықша атап өтиў орынлы.

Солай екен, елимизде жасаўшы ҳәр бир пуқара ҳуқықый мәдениятын арттырып барған ҳалда, нызамда белгилеп берилген жуўапкершилик ҳәм миннетлемелерин терең сезинип, елимиздиң уллы келешеги жолында аянбай хызмет етиўи тийис.

 

Руслан Джумамуратов,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының депутаты

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги