Президентимиздиң  Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарындағы жумысларға бағышланып усы жыл 12-февраль күни   кеңейтилген коллегия мәжилисинде белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант П.Бабажановтың  басшылығындағы жумысшы топар 1-7-апрель күнлери республикамызда болып,  жынаятшылыққа қарсы гүресиўди  «Мәҳәлле кесиминде»  шөлкемлестириў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениўлер алып барды.

Атап айтқанда, жумысшы топар ағзалары қала ҳәм районларға шығып, аймақларда криминоген жағдай, олардың ҳәзирги жағдайы менен танысып, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында сектор басшыларының жумыслары көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде республика, қала ҳәм район сектор басшылары, соның ишинде; ишки ислер, прокуратура, суд, салық, сондай-ақ, жынатшылық ҳәм ҳуқықбузарлық профидактикасы бойынша жуўапкер барлық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, пуқаралар жыйынларының баслықлары,  профилактика инспекторларының қатнасында үйрениўлердиң жуўмағына бағышланған кеңейтилген видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Илажды Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри П.Бабажанов басқарып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов өткен жыл даўамында ҳәм быйылғы жылдың өткен дәўиринде жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Илажда халықтың тынышлығын тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың мүлклерин исенимли қорғаў, жаслардың қатнасындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда,  жол қойылып атырған айырым кемшиликлер сынға алынды.  Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша криминоген аўыр 54 пуқаралар жыйынына Миллий гвардияның хызметкерлери бириктирилип, профилактика инспекторлары менен биргеликтеги хызмети жолға қойылды. Жәмийетлик орынларда  ҳәм турмыс хызметин көрсетиў объектлеринде орнатылған 266 видеокамера «Ситуация орайы»на жалғанды.

Атап өтилгениндей, өткен жылы жүз берген жынаятлардың 41,5 процентин алдын алыў мүмкиншилиги болған жынаятлар қурап, көпшилиги Нөкис қаласы, Төрткүл, Хожели ҳәм Беруний районларының үлесине туўра келген. Быйылғы жылдың өткен 3 айында жүз берген жынаятлардың 33,8 процентиниң  алдын алыў мүмкиншилиги болған жынаятлар қурайды.

Мәжилисте өткен дәўир ишинде жынаятшылықтың өсип кетиўине жол қойған қала ҳәм районлардың сектор басшыларының есабатлары тыңланып, кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырма ҳәм усыныслар берилди. Соның менен бирге, үйрениўлердиң жуўмағы бойынша жынаят ямаса ҳуқықбузарлықларды келтирип шығарыўы мүмкин болған турмыслық келиспеўшиликлерди ҳәм факторларды анықлап сапластырыў, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жетерли илажлар белгиленбегенлиги бойынша Нөкис қаласы, Қанлыкөл, Кегейли, Шымбай, Қоңырат, Тақыятас, Беруний, Қараөзек ҳәм Бозатаў районларының ҳуқық-қорғаў уйымларының жумысларына қатаң сын пикирлер билдирилди.

Өз хызмети аймағында жынаятшылықтың алдын алыў, ҳуқықбузарлық профилактикасын әмелге асырыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде жол қойған үлкен кемшилиги ушын 7 ишки ислер уйымы  хызметкери ийелеп турған лаўазымынан азат етилди ҳәм 5 хызметкер интизамый жазаға тартылды. Сондай-ақ, социаллық-турмыслық қорғаўды тәмийинлеў бағдарында  турақлы жасаў орнынан алыста хызмет атқарып атырған 14 профилактика инспекторы ротация етилди.

Хызмет ўазыйпасын атқарыў дәўиринде кәсиплеслерине өрнек болып, унамлы нәтийжелерге ерискен  Қоңырат районы Ишки ислер бөлиминиң Ҳаял-қызлар мәселери бойынша инспекторы, капитан Ж.Утениязоваға «майор», Кегейли районы Ишки ислер бөлиминиң профилактика инспекторы, аға лейтенант Н.Кулекешов ҳәм Қанлыкөл районы Ишки ислер бөлиминиң профилактика инспекторы, аға лейтенант Р.Пиримбетовларға «капитан» арнаўлы дәрежелери хошаметлеў тәризинде мүддетинен бурын берилди.  Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер  уйымларында хызмет атқарып атырған 12 хызметкер министрлик тәрепинен хошаметленди.

Илажда  республикамыз аймағында криминоген жағдайды унамлы тәрепке өзгертиў, пуқаралар жыйынларында  жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў бойынша «Жол картасы» белгилеп алынды.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги