Қараөзек районындағы  16-санлы балалар музыка ҳəм көркем өнер мектебинде Қарақалпакстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 28 жыллық байрам кешеси белгиленди.

Байрам кешесине райондағы төрт сектор ҳәм  мəкеме, кəрхана, шөлкемлердиң  басшылары, мектеп жәмәәти, ғалаба хабар қуралларының  ўəкиллери қатнасты.

Онда район прокуроры Н.Джоламанов  ҳəм басқалар шығып сөйлеп,  Конституциямыз тийкарында елимизде миллий нызамшылық системасы, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары қәлиплескенлиги ҳәм социаллық–экономикалық, сиясий ҳәм әскерий потенциялымыз артып, пуқараларымыздың ҳуқықый санасы, дүньяға көзқарасы артып атырғанлығын атап өтти.

Байрам кешесинде бир қатар тараў белсендилерине район ҳəкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Илаж қатнасыўшыларына  районлық Мəденият бөлими хызметкерлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы