Қарақалпақстан Республикасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постында «Санкцияланбаған (ийесиз) ионластырыўшы нурланыў дәрегиниң табылыўы менен байланыслы аварияны сапластырыўда айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик структуралардағы хызметлердиң ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының биргеликтеги ҳәрекетлери» атамасында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.

Оқыў шынығыўы теориялық ҳәм әмелий басқышларда алып барылды.

Теориялық басқышта қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас радиологи Д.Зарединов тәрепинен радиоактив дәрек анықланғанда хабар бериў, радиациялық өлшеў үскенелери, қорғаныў қураллары, нурланыў дәрегиниң анықланыўы ҳәм сапластырылыўы туўралы түсиниклер берди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим баслығы, аға лейтенант Ербол Жүзбаев. – Әмелий басқышта, нурланыў дерегиниң анықланыўы менен байланыслы болған айрықша жағдайларға тийисли күш ҳәм қуралларды қатнастырған ҳалда сап тартып жүриў таңлаўы өткерилди.

Хабар бериў және оларды жыйнаў, радиация көлемин анықлаў, посттағы жумысшы-хызметкерлер ҳәм жолаўшыларды эвакуациялаў, табылған нурланыў дәрегин Республика радиоактив затларды көмиў мәмлекетлик кәрханасы алып кетпегенше қәўипсиз орында сақлаў сыяқлы ҳәрекетлер алып барылды.

Оқыў-шынығыўына жәми 11 техника ҳәм 97 хызметкер қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги