«IPhone 12 Pro Max» флагманы ең күшли «Apple» гаджетлери рейтингинде алтыншы орынды ийеледи. Қурылмалардың толық дизими AnTuTu сайтында жәрияланған.

2021-жыл март айында өткерилген тестлердиң нәтийжелерине бола, үшинши әўладтың  12,9 дюймлы «IPad Pro“ ”Apple» дың ең күшли мобиль қурылмаларының рейтингинде биринши орынды ийеледи. «Apple A12X Bionic» процессоры, төрт гигабайт оператив ҳәм 256 гигабайт ишки ядына ийе планшет 727 мың балл топлаған.

Екинши ҳәм үшинши орынларды сәйкес түрде  717 ҳәм  712  мың балл алған «IPad Pro 4»ның  12,9 ҳәм 11 дюймлы версиялары ийелеп турыпты.

Итибарлы тәрепи, ең жоқары бес орынды планшетлер бәнтледи. Атап айтқанда, күшли бесликке 11 дюймлы «IPad Pro» ҳәм «IPad Air» кирген.

Рейтингти дүзиўшилер «IPhone 12 Pro Max»ты ең күшли смартфон сыпатында атап өткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги