Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бүгин, 8-апрель күни «Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

 

Қарарға муўапық, Рамазан айы карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларға сай өткериледи.

 

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан мусылманлары басқармасының мәлим етиўинше, 2021-жылдағы мүбәрек Рамазан айының басланыўы 13-апрель күнине туўра келеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.