Президентимиздиң 2020-жыл 30-июньдағы «Өзбекстан Республикасы жаслар ислери агентлиги жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, Жаслар ислери агентлиги мәмлекетлик шөлкем сыпатында шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июльдағы «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық шөлкемлестирилген ҳәм мәмлекеттеги ең ири мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем есапланған Өзбекстан жаслар аўқамы да өз жумысларын даўам еттирмекте.

2021-жылы жаслар менен ислесиўдиң жаңа моделин әмелге асырыў, оған республикамыздағы барлық жасларды қамтып алыў, «Жаслар дәптери»н қәлиплестириў бойынша  Қарақалпақстан Республикасындағы барлық қала ҳәм районларда жети бағдарда, 109 бәнттен ибарат илажлар бағдарламасы ислеп шығылған болып, усы жылдың 5-февраль күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Жаслар бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде штаб дүзилген еди. Ҳәзирги күнде «Жаслар дәптери»ндеги жумыссыз жасларды жумысқа орналастырыў ҳәм жәрдемге мүтәжлерге жәрдем көрсетиўди қадағалаў илажлары күшейтилип, штабта бирге ислесиўши министрлик, мәкеме ҳәм кәрхана ўәкиллери  жумыс алып бармақта.

Биз Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор А.Данияров пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Абатбай Сапарбаевич, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июнь күнги қарары менен жаңадан шөлкемлестирилген Жаслар ислери агентлиги туўралы мағлыўмат берсеңиз. Жаслар менен ислесиўде енгизилген жаңалықлар, жетискенликлер нелерден ибарат?

– Қарақалпақстан Республикасында жаслардың саны 1 миллион 89 мыңнан аслам, халық санының 57,3 процентин қурайды. Соннан, 18-30 жасқа шекемгиси 406 мыңнан аслам. Соның 200 мыңға шамаласын ҳаял-қызлар қурайды.

«Жаслар дәптери»не 47050 жас дизимге алынып, 2021-жылы олардың 37 мыңға шамаласының бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген.

Жаслар ислери агентлиги мәмлекетлик уйым сыпатында шөлкемлестирилгенлиги себепли, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы бирден-бир мәмлекетлик мәкеме статусына ҳәм министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жумысларын муўапықластырыў ушын зәрүр илажларды қолланыў имканиятына ийе болды. Тараўда стратегиялық бағдарларды белгилейди, мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығады ҳәм әмелге асырады. Ең әҳмийетлиси, қарарлары бәрше ушын мәжбүрий. Тараў ҳәм оның раўажланыўы ушын жуўапкер уйым сыпатында ўазыйпалар менен тапсырмалар бериў, баҳалаў, орынланыўын турақлы бақлаў, жаслар турмысында жүзеге келип атырған машқалаларды үйрениў ҳәм оларға илимий тийкарланған шешимлер ислеп шығыў, жас перспективалы кадрларды таярлаўшы инфраструктура – Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы жанындағы Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институтына ийе болып, жаслар тараўында жумыс алып баратуғын барлық пуқаралық жәмийети институтларына анық ўазыйпаны орынлаў ушын мақсетли рәўиште таңлаў тийкарында грант, субсидия ҳәм социаллық буйыртпа тәризинде қаржы ажыратады.

Агентлик дүзилген күнлерден-ақ, район (қала)ларда  жумысшы топарлар дүзилип, арнаўлы штаблардың жумысы жолға қойылды.

Жаслар менен жаңаша ислесиў системасын жаратыўда еки әҳмийетли бағдар, бириншиси, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, оларды кәсипке оқытыў, екиншиси, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде республикамызда жаслар менен ислесиўдиң жаңа системасын енгизиўге қаратылған илажлар бағдарламасы ислеп шығылды.

Быйыл усы күнге шекем 24924 жастың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем көрсетилди. Атап айтқанда, 3629 жас турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Соннан, 2349 жасты бос жумыс орынларына жайластырыў, 570 жасты жаңа жойбарларды шөлкемлестириў, 710 жасты ўақтынша жәмийетлик жумысларға тартыў, 76 жастың субсидиялар (459 млн. сум) ажыратылыўы арқалы бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, 459 жастың шөлкемлестирилген мийнет миграциясы арқалы бәнтлиги тәмийинленди.

– Жаслар арасында исбилерменликти қоллап қуўатлаў, «Жаслар 1+1» бағдарламасының орынланыўы бойынша қандай жумыслар исленип атыр?

– Жаслардың исбилерменлик ҳәм өнерментшилик жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 996 жастың исбилерменлик жумысы ушын 29 миллиард 928 миллион сумлық кредитлер ажыратылды. Нәтийжеде, 1044 жаңа жумыс орны жаратылды.

Соннан, исбилерменликке оқытылып, сертификат берилген 120 жасқа 3 миллиард 628 миллион сумлық кредитлер ажыратылып, аўыл хожалығында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 19764 жасқа 8665,3 гектар жер ажыратып берилди.

Сондай-ақ, 1661 жас «Жаслар 1+1» бағдарламасы шеңберинде исбилерменик тийкарлары бойынша, 671 жас бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен кәсип-өнерге оқытылды.

«Жаслар 1+1» бағдарламасы тийкарында исбилерменлер менен өнерментлерге жәми 1922 жас бириктирилди. Соннан, «Ҳәр бир исбилермен – жасларға мәдеткар» принципи тийкарында 1402, «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында уста-өнерментлерге 520 жас бириктирилип, кәсип үйрениўине шараятлар жаратылды.

– Жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, қоллап-қуўатлаў бағдарында қандай илажлар әмелге асырылмақта?

– Жаслар менен нәтийжели түрде ислесиўди шөлкемлестириўде мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша 5 тийкарғы басламаны кең халық арасында үгит-нәсиятлаў, халықтың хабардарлығын арттырыў мақсетинде усы жылдың 15-19-март күнлери барлық қала ҳәм районларда 1190 жойбар ҳәм илажлар шөлкемлестирилип, оларға 62 мыңнан аслам жаслардың қатнасыўы тәмийинленди.

Сондай-ақ, 5 баслама шеңберинде мәкемелерге 839 спорт әнжамы, 179 компьютер топламы, 33442 көркем әдебият, жәми 34460 инвентарь ҳәм үскенелер жеткерип берилди. Усы жойбар шеңберинде мәкемелерде мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китапсүўиўшилик бағдарларында жәми 346 жаңа дөгереклер ҳәм секциялар шөлкемлестирилип, оларға 4552 жастың қамтып алыныўина ерисилди. Жасларға байланыслы Беруний районында 7, Төрткүл районында 4, Елликқала районында 4 “Street Workout” майданшасы (көше спорты), Қараөзек районындағы 14-санлы улыўма билим бериў мектебиниң спорт залы, Шымбай районында 1 «Жаслар мийнет гүзары», Тақыятас ҳәм Тахтакөпир районларында Санлы оқыў орайы, жәми 19 жаңа объект пайдаланыўға тапсырылды.

Усы жыл 22-23-февраль күнлери «Жас китапсүйер» таңлаўының ҳәм 15-16-март күнлери Жас тамашагөйлер театрында «Республика жасларының ҳаўазы» фестивалының Қарақалпақстан Республикалық басқышы, 19-20-март күнлери «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамы мүнәсибети менен «Қәдириятларымызды қәдирлеймиз» жойбары шеңберинде «Қәдирият, үрп-әдет, дәстүр ҳәм жаслар» фестивалы, «Пәтпелеклер» сейили ҳәм «Миллий ойынлар» фестивальлары шөлкемлестирилип, оларға жәми 21 мыңға шамалас жаслар қатнасты.

Атап өтетуғын және бир нәрсе, республикамыз ҳәм сектор басшылары тәрепинен жаслардың  мүрәжатлары тыңланып,  олардың пикир-усынысларын, басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар илажлар өткерилмекте.

Атап өтетуғын болсақ, 5-март күни Беруний районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов пенен жаслар арасында ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Сәўбетлесиў даўамында, жаслар тәрепинен билдирилген 12 усыныс ҳәм машқаланың cегизи өз орнында шешимин таўып, төртеўи көрип шығылыўы ушын қадағалаўға алынды.

Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы сырт еллерде билим алып атырған 3 студент пенен ZOOM платформасы арқалы сәўбетлести.

Ушырасыў даўамында Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районларынан социаллық жәрдемге мүтәж 9 жасқа контракт төлемлерин төлеп бериў бойынша сертификатлар тапсырылды. Сондай-ақ, республикалық пән олимпиадаларында мүнәсип қатнасып, жоқары орынларды ийелеген ҳәм белсенди 6 оқыўшы жасқа ноутбук саўға етилди.

Усы жыл январь-февраль айларында республикамыздың район (қала)ларында барлық сектор басшылары менен жәми 439 мәрте ашық сәўбетлесиўлер ҳәм көшпели қабыллаўлар өткерилди. Оларға үш мыңнан аслам жаслар қатнасты. Жаслар тәрепинен 588 усыныс ҳәм машқалалар билдирилип, 129 мәселе өз орнында шешимин тапты, 352 мәселе көрип шығылыўы ушын қадағалаўға алынды ҳәм қалған мәселелер бойынша түсиниклер берилди.

Жоқары оқыў орынларында оқып атырған кем тәмийинленген шаңарақлардағы 253 жасқа 1,5 миллиард сумлық контракт пуллары жергиликли бюджет есабынан төлеп берилди.

Усы жыл 23-февраль күни Шоманай районында «Жаслар форумы» шеңберинде «Исбилерменликке дәслепки қәдем» атамасында көргизбе өткерилип, 9 жасқа жүк тасыйтуғын жеңил мотоцикльлер, 5 қызға тигиў машинасы, 2 жасқа аўыл хожалығы үскенелери тапсырылды. Шымбай районы «Қызыл өзек» АПЖдағы 48, Қараөзек районы «Қуралпа» АПЖдағы 15, Қанлыкөл районындағы 10, Төрткүл районындағы 6 узақ аймақлардан улыўма билим бериў мектеплерине қатнайтуғын оқыўшыларға велосипедлер тапсырылды.

Илажларда кем тәмийинленген шаңарақлардың майыплығы бар жасларына да итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, Қоңырат районы ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм жеке исбилермен Б.Алланбаевтың қәўендерлигинде «Түркстан» МПЖда жасайтуғын 2000-жылы туўылған 1-топар майыбы «Жаслар дәптери»не киргизилген А.Дарибаевқа компьютер топламы саўға етилди.

Жаслар ислери агентлиги Хожели районлық бөлими тәрепинен, Майыплар жәмийети районлық бөлими менен биргеликте «Сарышүңгил» АПЖ аймағындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ш.Аразгелдиевке майыплар арбашасы ҳәм китаплар топламы саўға етилди.

Шымбай районы «Абат» МПЖда жасайтуғын, 1994-жылы туўылған Ж.Базарбаева ҳәм «Көкши қала» МПЖда жасайтуғын, 1999-жылы туўылған Д.Жумамуратовалар майыплар арбашасы менен тәмийинленип, «Көкши қала» МПЖда жасайтуғын 1994-жылы туўылған Н.Абдикаримовтың бас мийиндеги өсимтесин емлеўге жәрдем ретинде 3 миллион сум муғдарындағы қаржы ажыратып берилди.

Усы жыл 11-17-март күнлери аймақларда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумысларды үйрениў ҳәм орын алған машқалаларды сапластырыў бойынша республикалық жумысшы топар,  Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаевтың басшылығында Қарақалпақстанға келди.  Сапардан мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 27-январь күнги Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў илажлары хаққында өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўден ибарат болып, видеоселекторда ҳәзирги ўақытта, 18-30 жас аралығындағы жаслар арасында рәсмий жумыссызлық 17 процентти ямаса 844 мыңды қурап атырғанлығы, бул улыўма жумыссызлық дәрежесинен 1,5 есеге көплиги айтып өтилген еди. Жумысшы топар тәрепинен жаслардың машқалалары үйренилип, ҳәзирги ўақытта шешимлери бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

– Алдағы режелериңиз қандай?

– Биз алдағы ўақытларда жаслардың машқалаларына шешим табыў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жаслар сиясатында түпкиликли бурылыс жасаў мақсетинде мәнзилли режелер белгилеп алдық.

Атап айтқанда, усы жылдың өзинде Тахтакөпир, Әмиўдәрья районларында «Жаслар орайы» имаратларын қурып пайдаланыўға тапсырыў, аймақларда «Жаслар коворкинг орайлары»н қурыў, екинши шеректе Нөкис қаласында, ал жыл ақырына шекем районларда Жаслар киши санаат зоналарын шөлкемлестириў, 5 районда «Жаслар мийнет гүзары» копмплекслерин пайдаланыўға тапсырыў, «Жаслар-келешегимиз» фонды тәрепинен 2000 жасты қоллап-қуўатлаўды режелестирип атырмыз.

Сондай-ақ, быйыл июнь айында Бозатаўда пүткил Өзбекстан жасларын жәмлейтуғын «Бозатаў – қәбилетлерди жаратады!» сүрени астында «Республика жаслар фестивалы»н жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ушын қызғын таярлық көрип атырмыз.

 

Сәўбетлескен:

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги