Республикамызда пахта жетистириўде өзиниӊ салмақлы орнына ийе Шоманай районында шигит егиси баслап жиберилди.

Семинарға райондағы аўылхожалығы менен шуғылланатуғын мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм фермерлер қатнасты.

Онда  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары С.Хожаметов, Аўыл хожалығы министри А.Якубов, район ҳәкими Б.Янгибаевлар шығып сөйлеп, шигит егисин ерте ҳәм сапалы байытыўдыӊ усыллары, дийқан фермерлер итибар қаратыўы лазым болған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтип, олардыӊ алдағы ислерине табыслар тиледи ҳәм сол күнниӊ өзинде-ақ, «Бахрам Илғор» агрокластериниӊ 3 гектар майданына «бириӊ мыӊ болсын» деген жақсы нийетлер менен туқым себилди.

– Быйылғы жылы егислик жерлеримизге жергиликли ҳаўа райына бейимлескен мол зүрәәт беретуғын сортларын егиў бойынша дийқанларымыз бенен биргеликте тийисли жумысларды алып барып атырмыз, – дейди Шоманай районы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығы О.Сейтниязов.

Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз тийис, бүгинги күни Шоманай районында  жәми 17 526 гектар егислик майданлары болып, ол жерлерде быйылғы жылы техникалық, дәнли, собықлы, майлы егинлер егилиўи, палыз ҳәм баў-бақша өнимлери жетистирилиўи режелестирилген.

Соныӊ ишинде  техникалық егинлер қатарына киретуғын пахтаныӊ «Султан» ҳәм «С-4727» сортларын 4970 гектар майданға егиў мақсет етилген.

 

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги