Республикамыздың район (қала)ларында «Жыл сәрдары – 2021» таңлаўы басланды.

Қоңырат районында Жаслар аўқамы районлық кеңеси ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен усы таңлаўдың районлық басқышы өткерилди.

Таңлаў еки бөлимнен ибарат болып, биринши бөлиминде «Камалак» сәрдарлары, ал екинши бөлиминде болса, Жаслар аўқамы бас сәрдарлары өз-ара беллести.

Ҳәр қайсысы төрт шәрттен ибарат болған таңлаў жуўмағына бола Жаслар аўқамы сәрдарлары арасында сыйлы биринши орынды 53-санлы мектеп оқыўшысы Динара Қалназарова, «Камалак» сәрдарлары арасында болса, өзиниң шаққанлығы менен ажыралып турған 35-санлы мектеп оқыўшысы Дәўран Жамаловлар ийелеп, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип баҳаланып, арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги