Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-апрель күни халықаралық «Иннопром» санаат көргизбесинде қатнасыў ушын Ташкент қаласында болып турған Россия Федерациясы санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров басшылығындағы делегацияны қабыллады.

«Иннопром» Россия Федерациясы Ҳүкимети тәрепинен экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында алдыңғы технологиялар ҳәм заманагөй қолланбаларды биргеликте алға қойыў мақсетинде өткерилип киятырған ең ири көргизбе болып есапланатуғынын атап өтиў орынлы. Бул илаж елимизде биринши мәрте өткерилмекте.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы кең көлемли әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў, стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Денис Монтуров мәмлекетимиз басшысына  еки мәмлекеттиң жетекши санаат компаниялары ҳәм банк-финанс институтларының қатнасыўында ири кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди.

Сөйлесиў ўақтында бизнес ҳәм аймақлар дәрежесиндеги көп қырлы шерикликти беккемлеў, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Пайтахтымызда «Иннопром» көргизбесиниң табыслы өткерилиўи бул ўазыйпаларды орынлаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

 

ӨзА