Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Илимий ҳәм инновациялық жумысларды раўажландырыў бойынша мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

 

Пәрманға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда инновациялық аймаққа айландырылып атырған районлар дизими (13 район) тастыйықланды.

 

Мәлим болыўынша, усы пәрман тийкарында республикамыздан Нөкис районы инновациялық аймаққа айландырылыўы белгиленген.

 

Сондай-ақ, усы нормативлик ҳүжжет тийкарында аймақларда илимий ҳәм инновациялық жумысларды раўажландырыў мақсетинде ӨзР Инновациялық раўажланыў министрлиги системасында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар инновациялық раўажланыў басқармалары шөлкемлестирилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.