Шымбай районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажланыў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Сулайманов Азамат Мамбеткаримович тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Мағлыўмат ушын, Азамат Сулайманов усы күнге шекем Шымбай районы ҳәкиминиң руўхыйлық-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымында ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.