Бүгин Нөкис районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында бос турған ҳәким орынбасары лаўазымына тайынлаў болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

 

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов, Нөкис районы ҳәкими О.Уснатдинов ҳәм район белсендилери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

 

Мәжилисте район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажланыў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Махсетбаев Полат Махсетбаевич тайынланды.

 

Мағлыўмат ушын, П.Махсетбаев усы тайынлаўға шекем Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы болып ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.