Қанлыкөл районы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Тазагүл Садықованыӊ негизги кәсиби мийирбийке. Ол көп жыллар даўамында «Алтынкөл» аўыллық шыпакерлик пунктинде мийирбийке болып  жумыс ислеп, район орайына көшип келгеннен соӊ өз жумысынан босаўға мәжбүр болады.

-Районлық медицина бирлеспесине бир неше жыл хабарлассам да турақлы жумысқа кире алмадым,-дейди Тазагүл апа өзиниӊ өткен күнлерин еслеп.-2017-жылы банктен ыссыхана қурыў ушын 17 млн 200 мыӊ 4% ли жеӊиллетилген кредит алып, өз жумысымызды басладық. Дәслепки жыллары ыссыханамызда гүл өсириў менен шуғылланған болсақ, соӊынан помидор, қыяр, бурыш, укроп, лимон ҳәм басқа да егинлерди өсирип, олардыӊ түрин көбейттик. Ҳәзир усы гүл ҳәм егин  нәллерин райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлерге, сондай-ақ, аймақ  халқына сатып шаӊарағымызды бағып отырмыз.

-Ыссыханада егин жетистириў агротехнологиясын қалай меӊгерип кеттиӊиз,-деп сорадым оннан ыссыханадағы әлўан түрли  өсимликлер дүньясы менен таныса жүрип.

-Өмирлик жолдасым Толыбай Байниязовтыӊ тийкарғы маманлығы агроном болғанлықтан,  үйимиздеги бәримиз бурыннан дийқаншылық ислеўге күтә қызығамыз. Билмегенлеримизди интернет тармақлары ҳәм телеканаллардағы көрсетиўлерден үйренип, жылдан-жылға тәжирийбе арттырып атырмыз. Лимон нәллерин буннан үш жыл алдын күйеўим  Бухараныӊ Пешку районынан  алып келип еккен еди. Быйыл сол нәллеримиз өзиниӊ дәслепки мийўелерин берди. Сондай-ақ, быйыл Әндижан ўәлаятынан роза гүлиниӊ қара  магия сортын алып келип ектик. Ҳәзир жаман емес, өсип гүллеп атыр.

-Тек усы ыссыхана менен шуғылланасызба ямаса өз кәсибиӊиз бойынша жумыс ислейсиз бе?-деп сорадым оннан қызықсынып.

-Ыссыхана жумысын баслағаннан кейин өз қәнигелим бойынша медицина бирлеспесине жумысқа шақырып еди.  Бирақ, мен оған бармадым. Усы жерден тапқан дәраматыма қәнәәт етип, оны еле де кеӊейтиў бойынша жумысларымды алып барып атырман. Атап айтқанда, быйыл және үй алды мөлдегимиздиӊ  1 сотых жерине  жаӊадан ыссыхана қурып, ол жерде де ҳәр қыйлы гүл ҳәм егин нәллерин өсирип атырмыз. Сондай-ақ, район ҳәкимлиги де усындай ыссыханаларды көбейтиў мақсетинде, бизлерге арнаўлы жер ажыратып берди ҳәм ол жерге 16х6 көлеминдеги ыссыхананы қурып жумыс көлемин көбейтип атырмыз.

-Усы жерден жылына  қанша дәрамат табасыз?-деп сорадым оннан және де.

-Қудайға шүкир. Дәраматымыз өзимиз ушын мол-молақай жетеди. Усы жердиӊ арқасында күйеўимиз бенен биргеликте төрт перзентти үйли-жайлы еттик. «Ҳәрекетке берекет» дегениндей, шаӊарақта  өз-ара сыйласық пенен жумыс ислесеӊ қатарыӊнан кем болмай өмир сүресеӊ,- дейди Тазагүл апа күле шырай менен.

 

Адилбай Оразов

 Қарақалпақстан хабар агентлиги