Ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич!

Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!

Бәринен бурын, халықаралық Наўрыз байрамы даўам  етип атырған усы пайызлы күнлерде Сиз, әзизлерди көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Бүгинги ушырасыўды шөлкемлестириў басламасы менен шыққан  ҳүрметли ақсақалымыз, Қазақстан Республикасының биринши Президенти – Елбасы, Түркий кеңестиң Ҳүрметли баслығы Нурсултан Абишевич Назарбаевқа терең миннетдаршылық билдиримен.

Әнжуманымыз уллы шайыр ҳәм ойшыл Хожа Ахмед Яссаўий жасап өткен ески Түркистан қаласы менен байланысқаны бийкарға емес.

Бул қала уллы «Түрк дүнясының руўҳаният пайтахтларынан бири» сыпатында жәрияланыўында терең әҳмийетли мәнис бар.

Бизге белгили, Мир Әлийшер Наўайы ҳәзирети Яссаўийға «Түркистан мүлкиниң шайхул машайығы» деп жоқары баҳа берген.

Ахмед Яссаўийдиң өшпес мийрасы уллы ата-бабаларымыз – Жалалиддин Румий ҳәм Юнус Эмро, Юсуф Хос Ҳажыб, Низамий Генжеўий, Мақтымқулы Пырағий ҳәм Бабараҳим Машраб сыяқлы шайырлар қатарында түркий халықлардың улыўма мәнаўий байлығы сыпатында ҳүрметленип келинеди.

Ахмед Яссаўий өз дәўиринде пүткил мусылман дүньясында «Ислам дининиң қуўаты» деген ҳүрметке ийе болған Бухараий шәрийпте Юсуф Ҳамаданий, Абдуҳалиқ Ғиждуўаний сыяқлы белгили уламалардан билим алғаны ата-бабаларымыздың бәрқулла бирге ҳәм пикирлес болып келгенин көрсетеди.

Өзиниң диний көзқараслары менен регионымызда үлкен абырай-мәртебеге ийе болған ҳәзирети Яссаўийге уллы Әмир Темур шын жүректен ықлас қойғаны, оның естелигине атап уллы мақбара қурғанын ҳәммемиз жақсы билемиз.

Сондай-ақ, Саҳибқыран бабамыз бул комплекстиң материаллық тәмийнаты ушын вақф шөлкемлестиргени ҳәм бул қор әсирлер даўамында жумыс ислегени ел-жүртымыздың тарийхый бирлигинен дәрек береди.

Бүгинги күнде Ахмед Яссаўий зыярат етиў орнын барлық туўысқан халықларымыз уллы зыярат орны сыпатында шексиз қәдирлейди.

Көп миллетли Түркистан қаласы соңғы жылларда барған сайын гөззал ҳәм абат болып баратырғаны, үлкен қурылыс майданына айланып атырғанына ҳәммемиз ҳәзир видео көринислер арқалы гүўа болдық.

Бүгинги пурсаттан пайдаланып, Әзербайжан Президенти ҳүрметли Илҳам Гейдарович Алиев ҳәм әзербайжан халқын, Таўлы Қарабағ аймағын  қайтарып, тарийхый әдилликти тиклеў жолындағы жеңиси менен және бир мәрте қутлықлайман.

Өзбекстан Таўлы Қарабағ жериндеги ески естеликлер, мәденият ҳәм мәрипат орайларын тиклеў жумысларына үлес қосыўға таяр екенин билдиремиз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Бир тил ҳәм бирден-бир дин, тарийхый ҳәм мәдений қатнасықлар тийкарында  қәлиплескен Түркий кеңес шөлкеми регионаллық бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмине айланып бармақта.

Шөлкемимиз өз раўажланыўының жаңа дәўирине қәдем қояр екен, биз ҳәр қандай сынақ  ҳәм қарама-қарсылықларды биргеликте жеңип өтиўге таяр болыўымыз, бар потенциалымыздан толық пайдаланыўымыз зәрүр.

Бул бағдарда  бизиң алдымызда әҳмийетли ўазыйпалар турыпты.

Бириншиден,  экономикалық қатнасықларды  күшейтиў бизиң тийкарғы мақсетимизге  айланыўы зәрүр.

Ҳәзирги ўақытта ислеп шығылып атырған «Түркий дүнья нәзери – 2040» концептуаллық ҳүжжети тийкарында ҳәзирги ҳәм пандемиядан кейинги жағдайды инабатқа алған ҳалда, ағза мәмлекетлерге сай, жақын ҳәм орта перспективаға мөлшерленген экономикалық бирге ислесиў стратегиясын таярлаўды усыныс етемиз.

Бунда тийкарғы итибарды болып атырған кризистиң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў, саўда, инвестиция, санаат, транспорт қатнасықларын тиклеў ҳәм жаңа шараятларда раўажландырыў, электрон коммерция және санлы технологияларды кеңнен енгизиў, бизнес ҳәм аймақлараралық  бирге ислесиў имканиятларынан толық пайдаланыўға қаратыў зәрүр.

Екиншиден,  мәмлекетлеримиз арасында санаат кооперациясын күшейтиў ҳәм ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде билдирилген усынысларды қоллап-қуўатлаған ҳалда, Түркий кеңестиң өз Инвестициялық қоры және Раўажланыў банкине ийе болыў пурсаты жетти, деп есаплаймыз. Бул бағдарда әмелий жумысларды баслаў тәрепдарымыз.

Үшиншиден,  регионымыздың транспорт ҳәм транзит потенциалын арттырыў биз ушын стратегиялық әҳмийетке ийе.

Орайлық Азия аймағы арқалы дүньяның тийкарғы базарларына, соның ишинде, Қытай, Ҳиндстан, Пакистан ҳәм Азияның басқа мәмлекетлерине, Әзербайжан  ҳәм Түркиядан Европа мәмлекетлерине шығыў әҳмийетли болып есапланады.

Усы бағдарда транспорт жолларын раўажландырыў ҳәм ири логистика  инфраструктура жойбарларын биргеликте әмелге асырыў улыўма мәплеримизге  толық жуўап береди.

Төртиншиден,  динимиз тарийхында тәкирарланбас из қалдырған уллы бабаларымыздың мийрасы  менен кең жәмийетшиликти жақыннан таныстырыў ийгиликли умтылысларымызға сай болып есапланады.

Бул бағдарда мәмлекетлеримиз аймағында  жайласқан муқаддес зыярат орынлары бойлап «Теберик зыярат» жойбарын әмелге асырыўды усыныс етемиз.

Оның ушын Кеңес шеңберинде Зыярат туризмин раўажландырыў бағдарламасын қабыл етиў мақсетке муўапық болып есапланады.

Бесиншиден,  халықларымыздың дүньялық илимлердиң раўажланыўына  қосқан шексиз үлесин ҳәм бай мәдений мийрасын терең үйрениў, түрли изертлеўлер алып барыў және дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў үлкен әҳмийетке ийе.

Биз «Түркий дүньяның мәдений пайтахты» статусын алған Хийўа қаласында сентябрь айында ЮНЕСКО менен биргеликте «Орайлық Азия дүнья цивилизациялары кесилиспесинде» темасында халықаралық форум өткериў нийетиндемиз.

Пурсаттан пайдаланып, барлық ағза мәмлекетлерди бул әнжуманда қатнасыўға  мирәт етемиз.

Алтыншыдан,  биз Бакуде өткерилген саммитте әдебият ҳәм көркем өнер тараўында Халықаралық сыйлықты енгизиў  басламасын алға қойған едик.

Шөлкемимизге ағза мәмлекетлердиң Сиз, ҳүрметли басшыларына Түркий кеңестиң илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын, сондай-ақ, түркий дүнья бирлигин раўажландырыўға үлкен үлес қосқан атақлы шахсларды хошаметлеў мақсетинде халықаралық сыйлық  енгизиў  ҳаққындағы усынысты мақуллағаныңыз ушын миннетдаршылық билдиремен.

Бул сыйлықты Мир Әлийшер Наўайы атамасы менен атаў ҳаққындағы усынысты қоллап-қуўатлағаныңыз ушын өз атымнан, Өзбекстан халқы атынан терең миннетдаршылық  билдиремен. Бундай ҳүрмет-итибар ҳәм исеним биз ушын үлкен мақтаныш болып есапланады.

Биз буны барлық түркий халықлардың мақтанышы болған, уллы инсан – Әлийшер Наўайыға жоқары ҳүрмет көриниси, деп қабыл етемиз. Бул абырайлы сыйлықтың  енгизилиўи түркий бирлик руўхын беккемлеўге хызмет ететуғынлығына гүман жоқ.

Усы жерде Шөлкемимиз  алдында турған әҳмийетли ҳәм тийкарғы мәселелер бүгин қабыл  етилетуғын Түркистан декларациясында өз көринисин таўғанын ҳәм оны қоллап-қуўатлайтуғынлығымызды мәлим етемен.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Сөзимниң жуўмағында Түркий кеңестиң баслығы – ҳүрметли ақсақалымыз,  Елбасы Нурсултан Әбишевичке, Қазақстан Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа бүгинги сөйлесиўди жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиримен.

Ҳәммеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, Шөлкемимиздиң абырайы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў жолындағы ҳүрметли  жумысларыңызда үлкен күш-ғайрат ҳәм әўметлер тилеймен.

Итибарыңыз  ушын рахмет.