Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-март күни Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң видеоәнжуман түринде өткен рәсмий емес саммитинде қатнасты.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев басшылық еткен илажда Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы, Түркий кеңестиң Ҳүрметли Баслығы Нурсултан Назарбаев, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Венгрия Бас министри Виктор Орбан ҳәм Түркий кеңестиң бас хаткери Бағдад Амреев қатнасты.

Илажда шөлкем шеңберинде экономика, саўда, транспорт тараўларындағы көп қырлы әмелий бирге ислесиўди және мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Ушырасыўда барлық түркий халықлардың мәнаўий жоқарылаўына үлкен үлес қосқан уллы шайыр ҳәм ойшыл Хожа Ахмед Яссаўий мийрасына айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы диний-әдеп-икрамлылық көзқараслары менен регионымызда үлкен итибарға ерискен ҳәзирети Яссаўийге Әмир Темур ықлас қойғаны және оның естелигине атап Түркистан қаласында саўлатлы мақбара қурылғанын атап өтти.

Бүгинги күнде Ахмед Яссаўий мақбарасы барлық туўысқан халықларымыз ушын уллы орын болып есапланады.

Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде беккем тарийхый байланыслар, уқсас тил, мәденият ҳәм мәнаўий қәдириятлар тийкарында қәлиплескен Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси регионаллық бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмине айланып баратырғанын айрықша атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы коронавирус пандемиясы тәсиринде даўам етип атырған глобал кризистиң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў ҳәм сапластырыў жолында кеңестиң жақын ҳәм орта келешекке мөлшерленген экономикалық бирге ислесиў стратегиясын ислеп шығыў басламасын алға қойды. Сондай-ақ, саўда, инвестиция, санаат, транспорт байланысарын тез пурсатта тиклеў ҳәм жаңа шараятларда раўажландырыў, электрон коммерция және санлы технологияларды кеңнен енгизиў, исбилермен топарлар ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў имканиятларынан толығырақ пайдаланыў зәрүр екенлигине итибар қаратты.

Түркий тиллес мәмлекетлер арасында санаат кооперациясын күшейтиў ҳәм ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири екенлиги, Түркий кеңес шеңберинде Инвестиция қоры ҳәм Раўажланыў банкин шөлкемлестириў ҳәм иске қосыў бойынша әмелий жумысларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президенти регионымыздың үлкен стратегиялық әҳмийетке ийе транспорт ҳәм транзит потенциалынан және де үнемли пайдаланыўға, Азиядағы глобал базарларға шығыў имканиятын кеңейтиў мақсетинде Орайлық Азия аймағында транспорт коридорларын, сондай-ақ, Әзербайжан ҳәм Түркия арқалы Европа базарларына алып шығатуғын жөнелислерди раўажландырыў, логистика инфраструктурасын кеңейтиў бойынша ири жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға шақырды.

Шавкат Мирзиёев Түркий кеңеске ағза мәмлекетлердеги муқаддес орынлар бойлап «Теберик зыярат» жойбарын әмелге асырыў, усы мақсетте Зыярат туризмин раўажландырыў бағдарламасын қабыл етиў басламасын билдирди.

Уллы өзбек шайыры, ойшыл ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайының түркий дүньяның руўхый-ағартыўшылық турмысына қосқан теңсиз үлесин есапқа алып, мәмлекетимиз  басшысы илим, билимлендириў, әдебият, көркем өнер, социаллық тараўлардағы жетискенликлер және түркий дүньяның бирлигин беккемлеў жолындағы ҳәрекетлерди хошаметлеў мақсетинде Түркий кеңес шеңберинде Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириўди усыныс етти.

Өзбекстан Президентиниң басламалары саммит қатнасыўшылары тәрепинен толық қоллап-қуўатланды.

Жоқары дәрежедеги ушырасыў соңында Түркистан декларациясы қабыл етилип, онда рәсмий емес саммитте ерисилген тийкарғы келисимлер сәўлеленди.

Түркий кеңестиң сегизинши саммитин 2021-жылдың гүзинде Түркия Республикасында өткериў режелестирилмекте.

 

ӨзА