Ҳәзирги ўақытта көпшилик ата-аналардан мектеплерде бәҳәрги дем алыс узайтылды ма, деген мазмундағы көплеген сораўлар келип түспекте. Бул сораўға жуўап сыпатында ӨзР Халық билимлендириў министрлиги бәҳәрги дем алыс 28-мартқа шекем даўам етиўи, төртинши шеректиң дәслепки күни 29-март екенлигин мәлим етти.

 

Сондай-ақ, елимиздеги эпидемиологиялық жағдайдан келип шыға отырып гибрид усылдағы билимлендириўге рухсат берилгени, қандайда бир мектеп ямаса аймақтағы эпидемиологиялық жағдайға қарай мектеп карантинге жаўылатуғын болса, усы мектеп оқыўшылары жағдай турақлыласаман дегенше ўақытша оқыўды онлайн тәризде даўам еттириўи мүмкинлиги еслетип өтилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.