18-март күни Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасында 2020-жылда әмелге асырылған жумыслар, ерисилген нәтийжелер, орынланған бюджет көрсеткишлери ҳәм 2021-жылы әмелге асырылыўы белгиленген режелерге бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Әнжуманға Салық басқармасы баслығыныӊ жуўапкерли хызметкерлери ҳәм республикамыздағы журналистлер менен блогерлер қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы баслығыныӊ биринши орынбасары Сардар Юсупов өткен жылы салық уйымы хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, тараўға енгизилип атырған өзгерислер ҳәм исбилерменлерге жаратылып атырған жеӊиллик менен  қолайлылықлар туўралы кеӊ түрде мағлыўматлар берди.

Мағлыўматта келтирилип өтилиўинше,  Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен 2020-жыл даўамында бюджет түсимлери бойынша белгиленген жыллық реже 1,539,4 млрд сум болып, бул реже 1 826,3 млрд сумға, яғный, 287,0 млрд сум артығы менен 118,6 процентке орынланған. Соныӊ ишинде буны салық кесиминде айтып өтетуғын болсақ, қосымша қун салығы 124,5 процентке, акциз салығы 105,6 процентке, физикалық тәреплердиӊ жер салығы 142,6 процентке, юридикалық тәреплердиӊ жер салығы 114,8 процентке, недра салығы 103,1 процентке орынланған.

Әнжуманда журналист ҳәм блогерлер  Салық басқармасыныӊ басшыларына халықты қызықтырып жүрген мәселелер бойынша берген сораўларына тийисли жуўаплар алды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги