Нөкис районлық Халық билимлендириў  бөлимине қараслы 10-санлы  улыўма орта билим бериў мектеби «Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйыны орайында жайласқан болып, бул оқыў дәргайында 184 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта.

Оқыўшылардыӊ заман талабына сай билим алыўы ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылып берилген бул кишкене ғана аўыл мектебинде негедур өткен оқыў жылында 11-класс питкериўшилериниӊ бирде-биреўи де жоқары  оқыў орнына кире алмай қалған. Сонлықтан быйылғы оқыў жылында  бул мектеп басшысы өзгертилип, оған Азамат Байниязов директор етип тайынланған.

-Мектебимиз оқыўшыларыныӊ өткен оқыў жылы жуўмағында жоқарғы оқыў орынларына кириў бойынша көрсеткен көрсеткиши Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи министрлиги, районлық Халық билимлендириў бөлими ҳәм мектебимиздиӊ педагогикалық жәмәәти тәрепинен тереӊ талланып, бул көрсеткишлерди жақсылаў бойынша арнаўлы  илажлар ислеп шығылды,-дейди жаӊа директор Азамат Байниязов.-Атап айтатуғын болсақ, мектепке өз қәнигелигиниӊ маманлары болған жоқары, биринши ҳәм екинши дәрежеге ийе муғаллимлер жумысқа алынып, олар тәрепинен дерлик ҳәр күни оқыўшыларға сабақтан бос ўақытлары жоқары оқыў орынларыныӊ имтиҳанларына бийпул таярлық курслары өтилмекте. Сондай-ақ, мектебимизге аталыққа бекитилген Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары да оқыўшыларға сабақлар өтип, олардыӊ билимлериниӊ жоқарылаўына жәрдем көрсетпекте. Бул әлбетте өз нәтийжесин береди, деп ойлаймыз.

Шынында да,  мектеп турмысы менен танысар екенбиз, ондағы оқыўшылардыӊ билим алыўға деген ықласын көрип, муғаллимлердиӊ алып барып атырған бүгинги жумысларына кеўлимиз толғандай болды. Устазлардыӊ ислеп атырған бул мийнетлери болса, ўақты келип өз жемисин көрсететуғынлығына исенип қаламыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги