Республикалық балалар китапханасында  ҳәр жылы дәстүрий тәризде февраль айынан баслап «Китапқумарлар» байрамы басқышпа-басқыш өткерилип, илаж шеңберинде «Әдебият күнлери», «Китабым қуяшым» китап ҳәптелиги, ата-аналар арасында «Бир перзентке үш китап» акциясы, жазыўшы-шайырлар менен ушырасыў кешелери, жаңа китаплардың презентациялары сыяқлы илажлар өткерилип келинбекте.

Быйыл 15-март күни усы китапханада «Китабым қуяшым» китап ҳәптелиги шеңберинде «Китапқа меҳир бериң» атамасында әдебий кеше өткерилди.

Китапхана фоесинде «Китап қәлбим қуяшы» атамасында китап көргизбеси шөлкемлестирилип, онда соңғы ўақытлары баспадан шыққан балалар әдебиятлары орын алып, оны  Нөкис қаласындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары менен  оқытыўшылары тамашалады.

Илажда шығып сөйлегенлер, елимизде китапқумарлықты арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар,  китаптың инсан өмириндеги әҳмийети, китап оқыў арқалы инсанның руўхый дүньясы байып,  баатуғынлығы атап өтилди.

– Бүгинги жаслардың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде  шөлкемлестирилген ҳәптеликке улыўма орта билим бериў мектеплериниң 1-4-класс оқыўшылары қатнаспақта, – дейди китапхананың мектепке шекемги ҳәм киши мектеп  жасындағы китап оқыўшыларына хызмет көрсетиў бөлиминиң баслығы У.Абдимуратова.

Илаж қатнасыўшыларына Нөкис қаласындағы 36 ҳәм 44-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди ҳәм белсене қатнасқан оқыўшыларға китапхана жәмәәти тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Илажда қатнасқанлар Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры тәрепинен таярланған «Қуўыршақлар сөйлегенде» атамасындағы сахналық көринисти тамашалап, кеўилли дем алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы