Мәмлекетлик комиссия тәрепинен быйылғы жылғы кириў имтиханларында сораўлар түсетуғын пәнлер комплекси ҳәм оларды баҳалаў нормалары тастыйықланды деп хабар бермекте «xs.uz» сайты.  Барлық пәнлер төмендеги силтемелерде келтирилген.

Оған бола, быйылғы жылғы абитуриентлер 5 пәннен имтихан тапсырады.

Барлық тест тапсырыўшылар ушын 3 пән мәжбүрий есапланады. Максимал топлаў мүмкин болған балл – 94,5 балл.

  1. Ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ ҳәм басқа тиллер) – 15 сораў, дурыс жуўап ушын 2,1 балл. Максимал балл – 31,5.
  2. Математика – 15 сораў, дурыс жуўап ушын 2,1 балл. Максимал балл – 31,5.
  3. Өзбекстан тарийхы – 15 сораў, дурыс жуўап ушын – 2,1 балл. Максимал балл – 31,5.

Бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес 2 пәннен сораўлар. Максимал топлаў мүмкин болған балл – 186 балл.

1-пән – 30 сораў, дурыс жуўап ушын – 3,1 балл. Максимал балл – 93.

2-пән – 30 сораў, дурыс жуўап ушын – 3,1 балл. Максимал балл – 93.

Абитуриентлер быйылғы кириў имтиханларында  5 пәннен жәми  105 сораўды шешеди. Максимал балл – 280,5.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги