Бүгин, 11-март күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси үлкен мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жанындағы «Эл-юрт умиди» фонды тәрепинен әмелге асырылатуғын жумысларды кең түрде үгит-нәсиятлаў, излениўшең жаслар менен бирге пикир алмасыў мақсетинде ушырасыў болып өтти.

 

Илажды Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов басқарып барды.

Ушырасыўға жоқары оқыў орынларының студентлери, магистрантлар, докторантлар ҳәм илимий изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған илимпазлар менен бирге видеоконференц байланыс тәризинде барлық районлардан илимге қуштар болған жаслар қатнасты.

 

Өткерилген илажда «Эл-юрт умиди» фонды атқарыўшы директорының орынбасары Ж.Аҳмедов фонд тәрепинен 2018-жылдан берли әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы исленетуғын жобалар бойынша түсиник бериў мақсетинде презентация иследи.

Презентация даўамында фондтың тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары, стипендиялар таңлаўларын өткериў механизмлери, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 11-февраль күни қол қойылған «Мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм қәнигелерди сырт еллерде таярлаў және олардың потенциалын буннан былай да арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен фондтың жумысларындағы ең баслы өзгерислер ҳаққында жыйналғанларға толық мағлыўматлар берилди.

 

Соның менен бирге, фонд тәрепинен сырт еллерде бакалавр, магистратура, докторантура, тәжирийбесин арттырыў бойынша оқыўға жибериўде Қарақалпақстан Республикасы жасларының көрсеткишлери анализленди. Республикамыздағы жоқары оқыў орынлары кесиминде бул көрсеткиш Өзбекстан көлеминде ҳәўес ететуғын дәрежеде емеслиги, 2018-2020-жылларда бул көрсеткиш республикамызда тек ғана 19 адамды қурағанлығы сын көзқарастан мәлим етилди.

Сондай-ақ, ушырасыўда фонд тәрепинен квоталарды көбейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

 

Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўаплар алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотолары.