Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы  улыўма орта билим бериў мектеплери китапханашыларының билимин жетилистириў ҳәм кәсиплик маманлығын арттырыў мақсетинде «Мәлимлеме-китапхана жумысы» атамасында cеминар-тренинг өткерилди.

Семинар-тренингте 17  қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы  улыўма орта билим бериў мектеплериниң 100ден аслам китапханашылары қатнасты.

Онда китапхана жумысын раўажландырыўға байланыслы қабыл етилген  қарарлар, режелер кең түрде таныстырылып, оларды әмелде  қолланыў жумыс нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине тоқтап өтилди.

Сондай-ақ, семинар қатнасыўшылары арасында жасларды китап оқыўға қызықтырыў ҳәм китапқумарлықты арттырыўға байланыслы инновациолық методларды енгизиў бойынша викториналық ойын өткерилди.

Семинар-тренинг соңында мектеп китапханашылары өз-ара пикир алысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген