USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МЕҲРИБАН АНАЛАРЫМЫЗ, БИЛИМЛИ, МИЙНЕТКЕШ ҲӘМ ПИДАЙЫ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРЫМЫЗ ЖӘМИЙЕТИМИЗ БАЙЛЫҒЫ

Усы жылы 6-март күни Нөкисте халық аралық Ҳаял-қызлар байрамына бағышланып «Дүньяның гүлтажы өзиңсең, ҳаял!» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураний аналар, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында бүгинги күни елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызларды жәмийетимиздиң барлық тараўларында өзлериниң  қәбилетин көрсетиўине кең мүмкиншилик ашып бериў, оларды кәсип-өнерге, исбилерменликке үйретиў, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларға  жәрдем көрсетиў мақсетинде «Ҳаял-қызлар дәптери»н енгизиў, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған қызлардың шәртнама төлемлерин төлеп бериў, пидайы, талантлы қызлардың мийнетин мүнәсип баҳалаў сыяқлы бир қатар жумыслардың әмелге асырылып атырғаны аналарымызға, апа-қарындасларымызға, дилбар қызларымызға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлықтың айқын үлгиси болып табылады.

Усындай итибардың нәтийжесинде ҳаял-қызларымыз илим, билимлендириў, медицина, мәденият, спорт, санаат, аўыл хожалығы  сыяқлы ең әҳмийетли тараўларда жемисли мийнет етип келмекте. Олардың арасынан көплеген депутатлар, илим докторлары, жазыўшы-шайырлар, исбилерменлер жетиоисип шығып, елимиздиң сиясий, социаллық-экономикалық турмысында белсене қатнасып, оның раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 4-марттағы «8-март – халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы менен елимизде алып барылып атырған түпкиликли реформаларда белсене қатнасып, жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың абаданлығын раўажландырыў жолында баслама ҳәм ибрат көрсетип киятырғаны ушын республикамыздан 8 ҳаял-қыз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальларға сазаўар болды. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 3-марттағы қарарына муўапық Төрткүл районындағы 12-улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Шаҳзада Каримбаева ҳәм Бозатаў районындағы 1-улыўма орта билим бериў мектебиниң  8-класс оқыўшысы Гүлсанем Оразбаева Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланды.

Салтанатлы кешеде бир топар пидайы ҳаял-қызларға  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен  «Ардақлы нураний», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер  Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлықлары» тапсырылды. Сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги, өзлериниң жоқары нәтийжели мийнети менен ажыралып киятырған бир топар ҳаял-қызлар «Мўътабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Сыйлықланғанлардың атынан «Ўатан пидайысы» көкирек белгисиниң ийеси Роза Палванова, «Үмит ушқыны» көкирек белгисиниң ийеси Наргиза Балтабаева, «Ардақлы нураний» көкирек белгисиниң ийеси Зинаида Тигай шығып сөйлеп, ҳаял-қызларға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын Президентимизге өз миннетдаршылықларын билдирди.

-Ҳақыйқатында биз жаслар ушын елимизде барлық шараятлар жаратылған,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистранты, «Үмит ушқыны» көкирек белгисиниң ийеси Наргиза Балтабаева.-Усындай имканияттың нәтийжесинде «ҒМДА ның ең жақсы студенти-2020» халықаралық таңлаўының жеңимпазы болдым.

Салтанатлы кеше республикамыз көркем өнер шеберлериниң байрам концерти менен даўам етти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери