«Қоструба» мәкан кеңес пуқаралар жыйыны Тахтакөпир районы орайынан 150 километр қашықлықта жайласқан. Бул жерде 101 хожалықта 488 адам жасап келмекте.

Ең шетки ҳәм алыс аймақта жасаўшы халықтың турмыс шараятын жасқсылаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Аўыл халқын электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажландырыў Бағдарламасының жәрдеминде 2003-жылы 25 дана «Қуяш батареясы» орнатып берилди. Бүгинги күнге шекем халық усыннан пайдаланып келмекте.

Аймақтағы және бир машқала бул байланыс тармағы еди. Бул жерде жасаўшы халықтың ҳал-жағдайынан хабар алып турыў ҳәм олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде «Vertex Standart» VX-1700 маркалы радиостанция иске түсирилип, сол арқалы «Мүлк-Қоструба» жәрдеминде байланыс әмелге асырылып келинбекте.

Ишимлик суўы мәселесиде бул жердеги тийкарғы машқалалардың бири еди. Дурыс аймақта жер астынан шығып турған кранлар көп . Бирақ олардан ишимлик суўы ушын пайдаланыўға болмайды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў Бағдарламасы мәмлекетимиздеги ўәкилханасы, Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Канаданың жергиликли басламаларды қоллап-қуўатлаў жойбарының қаржыландырылыўында әмелге асырылып атырған «Өзбекстанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында ықлым турақлылығын тәмийинлеў» жойбары  шеңберинде бул машқала өз шешимин тапты. Анығырағы усы жылдың февраль айында 23-санлы улыўма билим бериў мектебине саатына 500 литр таза ишимлик суўын ислеп шығаратуғын үскене қойып берилди. Соның менен бирге мектепке қуяш арқалы электр энергиясы менен тәмийинлейтуғын заманагөй үскене де орнатылды.

-Бул үскенениң қойып берилиўи менен аймағымыз халқының бир машқаласы шешимин тапты,-дейди «Қоструба» мәкан кеңес пуқаралар жыйынының баслығы Алаўатдин Серкебаев.-Себеби усы күнге шекем ишимлик ушын жарамсыз суўдан пайдаланып келген едик. Буның ушын миннетдаршылық билдиремиз.

Усы шөлкем тәрепинен аймағымыздағы ҳәр бир шаңараққа «Қуяш батареялары» қойып берилген еди. Бүгинги күнге олардың тозы жетиўи ҳәм халықтың электр энергиясына болған талабының артыўы менен оларды еле де қуўатлырағы менен  алмастырып берсе мақсетке муўапық болар еди.

Бүгинги телекоммуникация жедел раўажланған дәўирде бизде байланыс машқала болып тур. Бул бойынша тийисли уйымларға жазба түрде мүрәжат етип атырмыз. Бирақ уялы байланыс тармағын алып келиў ушын көп қаржы талап етилер екен. Усы жағынан қәўендерлер табылып, жәрдем берилсе, деген үмиттемиз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги қәнигелериниң мәлим етиўинше, 2019-жылы республикамыз басшылары аймақ турғынлары менен ушырасыў өткерип, олардың машқалаларын үйренген. Усыннан кейин тийисли шөлкемлерге олардың машқалаларын үйренип шығыў ҳәм шешиў бойынша көрсетпелер берилген. Аўыл балалары билим алып атырған 23-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қосымша жаңа имараты қурып берилди. Деген менен класс бөлмелери жетиспегенликтен айрым класс оқыўшылары ески имаратта оқыўға мәжбүр болмақта. Спорт зал, мәжилислер залы, лаборатория бөлмелерине оңлаў жумыслары талап етиледи. Айырым пәнлерден қәнигелер жетиспейди. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен район басшылары бул машқалаларды тез арада шешиў илажларын көрсе мақсетке муўапық болар еди.

Күнделикли турмысында усындай айрым машқалалар болыўына қарамастан аўыл турғынлары келешектен үлкен үмит етип, аўызбиршиликте жасап атыр. Әлбетте, тез пәт пенен раўажланып баратырған мәмлекетимизде шетки аймақлардың машқалалары жақын ўақытлар ишинде өзиниң унамлы шешимин табады деген үмиттемиз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери