Ҳүрметли баслық Режеп Таййип Эрдоған Жоқары Мәртебели Мырза!

Ҳүрметли Мәмлекет ҳәм ҳүкимет Басшылары!

Ҳүрметли бас хаткер Сулаймонпур Мырза!

Бәринен бурын, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми Саммитиниң барлық қатнасыўшыларын шын кеўилден қутлықлаўға рухсат бергейсиз.

Ҳүрметли Президент Эрдоған Мырзаға пандемия шараятына қарамастан, шөлкемге нәтийжели басшылық еткени ҳәм әнжуманды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Пандемия дәўиринде КОВИД-19 кеселлигине қарсы гүресиўде көрсетилген салмақлы жәрдем ушын түрк досларымызға ҳәм жеке Мырза Эрдоған өз миннетдаршылығымды билдиремен.

Бүгин басшылық гезеги Түркменстанға өтиўи мүнәсибети менен ҳүрметли Президент Гурбангули Мяликгулиевич Бердимуҳамедовты шын кеўилден қутлықлайман.

Ҳәм әлбетте, жақсы нийет етемиз, гезектеги Саммитте, Ашхабад қаласында көрисиў ҳәммемизге несип етсин.

Ҳүрметли жыйналыс қатнасыўшылары!

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми аймағы ­ бул тарийхы, дини, мәденияты ҳәм қәдириятлары бирдей, үлкен имканиятларға ийе болған улыўма регион болып табылады.

Дос мәмлекетлеримизди әзелден өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним орталығы, саўда ҳәм транспорт-коммуникация байланыслары тығыз байланыстырып турады.

Бүгинги саммитимиз «Ковид-19 дан кейинги дәўирде регионаллық экономикалық бирге ислесиў» темасында өтип атырғанында терең мәни бар.

Себеби, глобал экономикаға кери тәсир көрсетип атырған пандемия, мәмлекетимизди де шетлеп өтпеди.

Бул апат күшли ҳәм әззи тәреплеримизди, бир-биримизге қаншелли байланыслы екенимизди, экономикалық шерикликти және де беккемлеў зәрүрлигин айқын көрсетти.

Дүньяда технология ҳәм ресурслар, инвестициялар, сыртқы базарларға шығыў ушын бәсеки күшейип баратырған ҳәзирги күнде, күш ҳәм потенциалларымызды бирлестириў, экономикаларымыздың толықтырыўшы факторларынан кең пайдаланыўымыз әҳмийетли.

Бирақ, соны айтып өтиў керек, Шөлкемимиз аймағында бар болған саўда-экономикалық, финанслық, инвестициялық, транспорт-логистика ҳәм энергетика имканиятлары толық иске қосылмай атыр.

Сонлықтан, «Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ­ 2015» бағдарламасының тийкарғы бағдарлары бойынша көп тәреплеме шерикликти және де кеңейтиў мақсетинде төмендеги усынысларды алға қоймақшыман.

Бириншиден, экономикалық өсиўдиң тийкарғы драйвери ­ ҳеш гүмансыз, саўда ҳәм инвестиция байланысларын күшейтиў болып табылады.

Соңғы жылларда Өзбекстанның ағза еллер менен улыўма саўда айланбасы сәл-кем еки есеге өсти. өткен жылы қыйын жағдайға қарамастан, бул көлемлерди сақлап қалыўға еристик.

Биз, Шөлкемге ағза еллер тәрепинен карантин дәўиринде орнатылған саўда ҳәм транспорт шеклеўлерин сапластырыў ўақты келди, деп есаплаймыз.

Ойлаўымша, санлы технологиялар ҳәм электрон коммерцияны кең енгизиў саўда байланысларымызды сезилерли рәўиште жеңиллестиреди.

Усы мәнисте, Түркия алға қойып атырған Саўдаға көмеклесиў бойынша питимди келисиў ҳәм қабыл етиўди тезлестириў лазым, деп есаплаймыз.

Екиншиден, «Бир-бирин толықтырыўшы ноқатларды табыў» принципи тийкарында санаат кооперациясын раўажландырыў халықларымыздың улыўма абаданшылығын арттырыўға хызмет етеди.

Бул әҳмийетли режени әмелге асырыў ушын анық бағдар ҳәм  жойбарларды қамтып алған қоспа «Жол картасы»н ислеп шығыўды мақсетке муўапық, деп билемиз.

Үшиншиден, ағза мәмлекетлер арасында қаржылар, товарлар ҳәм хызметлердиң еркин айланысын тәмийинлеў, банклер аралық байланысларды ҳәм қаржыландырыўды кеңейтиў актуал мәселе болып табылады.

Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын жақын келешекте мәмлекетлеримиз банклери қатнасында халықаралық Банк-финанс Форумын өткериўди усыныс етемиз.

Төртиншиден, регионларымыздың транспорт коридорларын кеңейтиў ҳәм транзит потенциалын арттырыў, өз-ара экономикалық бирге ислесиўимизди және де жеделлестиреди.

Биз, Өзбекстан ­ Түркменстан ­ Иран ­ Оман, Өзбекстан ­ Қырғызстан ­ Қытай транспорт коридорларын, сондай-ақ, Әзербайжан арқалы Түркия ҳәм Европа мәмлекетлерин шығыў жолларын раўажландырыўдан мәпдармыз.

Соның менен бирге, жаңадан усыныс етилген Мазари Шариф ­ Қабул ­ Пешавар темир жолының қурылысы Аўғанстанды кең регионларымызға интеграция етиў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болады.

Бесиншиден, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) менен биргеликте, Шөлкемимиздиң Азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы жаңа Бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў зәрүр, деп есаплаймыз.

Усы мүнәсибет пенен, быйылғы жылда Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң аўыл хожалығы министрлериниң, гезектеги жыйналысын биз Өзбекстанда өткериўге таярмыз.

Алтыншыдан, қайта тикленетуғын ҳәм альтернатив энергия дереклерине бай регионымызда «жасыл экономика»ны раўажландырыў имканиятлары жүдә үлкен.

Энергетика турақлылығын тәмийинлеў, тараўға инвестиция ҳәм заманагөй технологияларды кең тартыўға қаратылған Орта мүддетли Стратегияны ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаўды усыныс етемен.

Жетиншиден, экология ҳәм глобал ықлым өзгерислери менен байланыслы машқалалар ақыбетлерин регионымызда, атап айтқанда, Аралбойы аймағында айқын сезип атырмыз. Бул мәселеге шешим табыў бойынша барлық ҳәрекетлеримизди өз-ара бирлестириў лазым.

Бул жолда тәсиршең регионаллық бирге ислесиўдиң анық механизмлерин енгизиўдм мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Сегизиншиден, Денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиўди және де күшейтиўимиз лазым.

Шөлкем шеңберинде эпидемиологиялық жағдайды мониторинг етиў ҳәм тийисли ис-илажларды алдыннан режелестириў системасын әмелиятқа енгизиўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли жыйналыс қатнасыўшылары!

Сөзимниң соңында және бир мәрте айрықша атап өтпекшимен:

Ҳеш гүман жоқ, келешекте биргеликтеги ис-ҳәрекетлер арқалы биз Шөлкем шеңбериндеги шериклигимизди және
ҳәм жоқары басқышқа көтериўге уқыплы боламыз.

Итибарларыңыз ушын рахмет.