Кишкене гезлеринен баслап ѳзиниң шаққанлығы, билим ҳәм ѳнер ийелеӯге болған инталылығы менен устазлары нәзерине түскен Гүлсәнем Оразбаеваны үлкейе келе елимиздеги барлық қызлар ҳәӯес ететуғын Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты алады деп ойламағаны анық. Бирақ, бул қыздың ѳз билими ҳәм күшине деген исеними, оны үлкен мақсетлерге қарай жетелеп Гүлсәнем ѳзине берилген талант ҳәм мийнет сүйгишлигиниң арқасында ѳзиниң дәслепки әрманына жетти десек болады.

Бүгинги күни Бозатаӯ районындағы 1-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебиниң 8-класында тәлим алып атырған Гүлсәнем Оразбаеваның басып ѳткен ѳмир жолына нәзер таслар екенбиз, оның шотокан-каратэ-до бойынша ѳткерилген Қарақалпақстан ҳәм Ѳзбекстан чемпионаты ҳәм кубокларында жеңимпазлықты қолға киргизгениниң гүӯасы боламыз.

-Кишкенелигимнен спорттың жеңил атлетика ҳәм шахмат түрлерине қызығатуғын едим. Усы қызығыӯшылығым себеп болған шығар,  2016-2017-жыллары  шахмат ҳәм жеңил атлетика бойынша ѳткерилген спорт жарысларына қатнасып, онда жеңимпаз болыӯға еристим,-дейди Гүлсәнем биз бенен сәӯбети барысында- 2017-жылы класымызға бир жас қыз кирип келип, бизлерге мектебимизде каратэ-до бойынша секция ашылып атырғанын ҳәм оған қәлеӯшилерди мирәт ететуғынлығын айтып ѳтти. Әзелден спорт десе бойымызды таслайтуғын бир-неше досларымызға  бул жағып түсти ҳәм анам менен ойласқан ҳалда бул спортқа қатнай басладым. Дәслепки гезлери шынығыӯларда азмаз қыйналған болсақ та,  кейин ала тренерим Жумабийке Қарабалаеваның еринбестен, қызықтырып үйретиӯиниң нәтийжесинде каратэ-до сырларын үйрениӯге миясар болдым. Соңын-ала  район, республика кѳлеминде ѳткерилетуғын жарысларға белсене қатнасып, ата-анам ҳәм тренеримниң үмитлерин ақлай басладым.

Шынында да аӯыл қызларына тән болған қайсарлық ҳәм шыдамлылық сондай-ақ, ата-анасы Жалғасбай ҳәм Гүлсәӯирдиң материаллық ҳәм руӯхый жақтан қоллап-қуӯатлаӯы, Гүлсәнемниң бундай жарысларда шыңланып, сыйлы орынларды қолға киргизиӯине тийкар болды деп айта аламыз.

-Анам қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен муғаллим болғанлықтан, бала гезимнен-ақ спорт пенен бирге әдебият ҳәм музыкаға деген қызығыӯшылығым жоқары болды. Әсиресе, қарақалпақ халық қосықлары ҳәм дәстанлары менен бирге, бабаларымыз Әжинияз, Күнхожа, Бердақ, И.Юсуповтың қосықларын сүйип оқыйтуғын едим. Бул қызығыӯшылық соңын-ала мениң де қолыма қәлем алып, ѳзим қәлеген темаларда қосықлар жазыӯыма себеп болды ҳәм усындай қосықларымның бирин 2020-жылдың январ айында  Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси Турсынхан Хайдаров ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязовқа оқып бердим. Мениң бул қосығымнан тәсирленген олар маған хошамет сыпатында уялы телефон ҳәм компьютер саӯға етти.

Ал, 2020-жылдың октябрь айында болса, Президентимиз Ш.Мирзиёев пенен видеоконференцбайланыс арқалы сѳйлесип, Бозатаӯдағы соңғы ӯақытлары жүз берип атырған жаңалықлар  ҳәм ѳзгерислер ҳаққында толқынланып айтып бердим,-дейди Гүлсәнем Оразбаева.- Журтбасшымыздың жасларға болған бундай ғамқорлығы ҳәм қоллап-қуӯатлаӯынан руӯхланып  2020-жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында шотокан-каратэ-до бойынша болып ѳткен Ѳзбекстан кубогинде жеңимпазлықты қолға киргиздим ҳәм бул туӯралы Президентимизге 2020-жылдың декабрь айында республика жаслары менен видеоконференцбайланыс ӯақтында айтып, оған Бозатаӯлы жаслар атынан ѳз миннетдаршылығымды билдирдим. Ал, Президентимиз болса, маған сол жерде елимиздиң жоқары исенимин билдирип, мени Зульфия  атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлайтуғынлығын айтып ѳтти. Журтбасшымыздың бул гәпи тек ғана мени ҳәм ата-анамды емес, ал, пүткил бозатаӯлыларды шексиз қуӯанышқа бѳледи десем алжаспаған боламан. Әсиресе, ата-анам ҳәм туӯысқанларымның  қуӯаныштан кѳзлери жасаӯрағанын кѳргенимде, ерксиз жылап жибердим. Ал, бүгин болса, мениң кишкене ӯақытлары әрман еткен нийетлерим  әмелге асып, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ийе болып атырман. Буның ушын Президентимиз Ш.Мирзиёевқа, ата-анама, мектептеги устазларыма, Жаслар аӯқамы агентлигине ѳзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Келешекте елимизге хызмет ететуғын генерал болыӯды әрман етемен ҳәм соған қарай алға умтыла беремен,- дейди ол толқынланып.

Ѳз гезегинде бизлер де «8-март-Ҳаял-қызлар байрамы» қарсаңында Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң арнаӯлы қарары тийкарында «Зульфия»  атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болып атырған Гүлсәнем Оразбаева ҳәм оның жақынларын бул үлкен табысы менен қутлықлап, келешекте  елимизге белгили инсан болып жетилисиӯине  тилеклеслик билдиремиз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги