Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-март күни Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң (ЭБШ) видеоәнжуман түринде болып өткен 14-саммити жумысында қатнасты.

Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған басшылығында болып өткен илажда Аўғанстан Президенти Ашраф Ғани, Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Иран Президенти Ҳасан Руҳоний, Қырғызстан Президенти Садыр Жапаров, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Пәкистан Бас министри Имрон Хан, сондай-ақ, ЭБШ бас хаткери Ҳади Сулаймонпур, регионаллық структуралар басшылары да қатнасты.

Саммит күн тәртибине муўапық COVID-19 пандемиясынан кейинги дәўирде бул абырайлы шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңйтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң аймағы – бул тарийхы, дини, мәденияты ҳәм қәдириятлары уқсас, үлкен потенциалға ийе болған регион екенин айрықша атап өтти.

Пандемия шараятларында мәмлекетлеримиз экономикаларының күшли ҳәм әззи тәреплериниң анық көрингени атап өтилди. Бул қәўип-қәтер регион еллериниң бир-бирине өз-ара байланыслы екени, саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыў зәрүрлигин ашық-айдын көрсетти.

Соның менен бирге, ИБШ ға мәмлекетлердиң ағымдағы потенциалы ҳәм кең имканиятларынан толық пайдаланылмай атыр, деп атап өтти Өзбекстан Президенти.

2025-жылға шекемги дәўирге мөлшерлеп қабыл етилген ҳәрекетлер бағдарламасы шеңберинде көп тәреплеме шерикликти раўажландырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бир қатар әҳмийетли басламалар алға қойылды.

Өз-ара саўда ҳәм инвестицияларды көбейтиў  мақсетинде карантин илажлары шеңберинде орнатылған саўда, транспортқа байланыслы шеклеў ҳәм тосықларды бийкар етиў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди. Буннан тысқары саўданы санластырыў ҳәм электрон коммерцияны раўажландырыў бағдарындағы шешимлерди кеңнен енизиў және саўда бойынша регионаллық келисимди тез пурсатта қабыл етиў усыныс етилди.

Өз-ара келисилген «Жол картасы» тийкарында мәмлекетлеримиздиң жетекши кәрханалары арасында  санаат кооперациясын беккемлеў  де әҳмийетли бағдарлардан бири сыпатында атап өтилди. Бул бағдардағы жойбарларды алға қойыў ушын финанслық бирге ислесиў мехнизмлерин кеңейтиў және мәмлекетлеримиздиң жетекши банк институтларының қатнасыўында регионаллық форум өткериў усыныс етилди.

Транспорт-коммуникация тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық әҳмийетли бағдар етип белгиленди. Елимиз Өзбекстан-Түркменстан-Иран-Оман ҳәм Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай транспорт жолларын Түркия ҳәм Европа еллерине жеткеретуғын маршрутларды раўажландырыўдан мәпдар.

Аўғанстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм регионаллық экономикалық процесслерге интеграцияласыў мақсетинде жаңа «Мазары-Шариф-Қабул-Пешавор» темир жолын зәрүр екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткен және бир әҳмийетли бағдар – азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў.

Усы мүнәсибет пенен БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми менен биргеликте тийисли бағдарламаны ислеп шығыў және оны усы жылы елимизде өткерилиўи режелестирилген ЭБШ мәмлекетлери аўыл хожалығы министрлериниң гезектеги ушырасыўында көрсетиў усыныс етилди.

Энергетика ҳаққында сөз болып, Өзбекстан Президенти тараўға, биринши гезекте қайта тиклениўши энергетикаға алдынғы технологиялық шешимлер ҳәм инвестицияларды тартыў мақсетинде орта мүддетли стратегияны ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў басламасын алға қойды.

Ықлым өзгериўиниң глобал ақыбетлерине қарсы гүресиўде  ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүр екенлиги,  денсаўлықты сақлаў тараўында,  соның ишинде, заманагөй қәўип-қәтерлерди мониторинг етиў ҳәм оларға қарсы оператив илаж көриў бойынша бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Түркия шөлкемге нәтийжели басшылық еткени ушын Президент Режеп Таййип Эрдоғанға миннетдаршылық билдирип, басшылық Түркменстанға өтиўи мүнәсибети менен Президент Гурбангулы Бердимуҳамедовты қутлықлады ҳәм оған табыслар тиледи.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған, әсиресе, Евроазия мәканындағы экономикалық өз-ара байланыслылығын күшейтиўге қаратылған әҳмийетли басламалар ҳәм анық усыныслар бирлеспеге ағза мәмлекетлердиң жетекшилери тәрепинен толық қоллап-қуўатланғанын атап өтиў орынлы.

ЭБШға ағза мәмлекетлердиң жетекшилери өз шығып сөйлеўлеринде регионда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелерине саўда, инвестициялар, инновациялар, транспорт ҳәм коммуникациялар, энергетика, аўыл хожалығы, санаат, денсаўлықты сақлаў, туризм ҳәм басқа да баслы бағдарларда қоспа жойбарларды алға қойыўдың перспективаларына тоқтап өтти. Шөлкемниң гезектеги, 15-саммитин Түркменстанда өткериў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА