Кәсиптиң үлкен кишиси жоқ. Инсан қайсы кәсипти ийелемесин оны терең меңгерип, халқына, елине ҳадал хызмет етсе, әлбетте жемисин береди.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бас редакторы Қуўатбай Есебаевты усындай өз кәсибиниң пидайысы десек асыра айтқан болмаймыз. 1961-жылы Нөкис районы ҳәзирги «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында туўылып өскен ол жаслайынан әдебиятқа, соның ишинде, журналистикаға қызықты. Мектепте болып өткен ҳәр қандай илажларға белсене қатнасыў менен бирге оны ақ қағазға түсирип, ағасы-талантлы жазыўшы Дәўлетмурат Есебаевтың жәрдеми менен районлық газетаға жиберип турды. Дәслепки мақаласы жарық көрген күнги қуўанышын тил менен жеткериў қыйын. Мине соннан баслап мақала жазыўға шынтлап киристи.

Оның бул қызығыўшылығы 1980-жылы Нөкис районлық «Ақманғыт таңы» газетасынан алып келди. Усы газетаға жумысқа қабыл етилди. Әскерий хызметти өтеп келгеннен кейин де усы жумысын даўам етти.

Сол жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаңадан ашылған журналистика қәнигелиги ҳүжжетин тапсырып, оқыўға қабылланды. Устазларынан журналистиканың сырларын үйренди. Бурын усы кәсипте азы-кем ислегенликтен оны меңгерип кетиўи онша қыйыншылық туўдырмады.

Жоқары оқыў орнын табыслы тамамлағаннан соң «Ақманғыт таңы» газетасында дәслеп әдебий хызметкер, соңынан бөлим баслығы болып мийнет етти. Тараўдағы тәжирийбеси есапқа алынып, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде журналистика қәнигелигине оқытыўшы етип жумысқа мирәт етилди. Енди өзи болажақ журналистлерге кәсип сырларын жалықпастан үйретти.

Буннан кейин «Қарақалпақстан жаслары» газетасында бөлим баслығы, жуўаплы хаткери, Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги ғалаба хабар қураллары мониторинги бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Байланыс ҳәм мәлимлемелестириў агентлиги Ғалаба коммуникациялар тараўындағы мониторинг орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы, жетекши инспекторы,  «Жеткиншек» газеталарында дәслеп арнаўлы хабаршы, бөлим баслығы болып иследи. Мине  2009-жылдан бери усы күнге шекем Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бас редакторы лаўазымында ислеп келмекте.

Агентликте шолыўшылар тәрепинен таярланған мақалаларды, аўдармашылар тәрепинен Президент бенен ҳүкиметимиздиң пәрманлары, қарарлары, Президентимиздиң сырт ел мәмлекетлериндеги ҳәм республикамыз аймақларындағы сапарлары туўралы оператив ҳәм рәсмий материалларды қарақалпақ тилине сапалы аўдарыўда Қуўатбай Есебаевтың мийнети айрықша.

Ҳәр қандай мийнет өзиниң ылайықлы баҳасын табады. Тараўдағы көп жыллық жемисли мийнети ушын Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

2019-жылы Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының кәсиплик байрамы Қ.Есебаев ушын қос қуўаныш алып келди. Елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы көп жыллық жемисли мийнети ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын Президентимиздиң пәрманы менен «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды.

-Ҳәр күни оператив мақалалар таярлаўымызда Қуўатбай аға бизлерге устазлық етип, өзиниң турмыслық тәжирийбелерин үйретиўден жалықпайды,-дейди Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Әдилбай Жийемуратов.-Жыллар даўамында топлаған тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыўға тырысамыз.

Тәжирийбели журналист Қуўатбай Есебаев бахытлы шаңарақ ийеси. Өмирлик жолдасы Райхан Сейдуллаева менен бир қыз ҳәм бир улды тәрбиялап камалға келтирди. Олардан бир-биринен сүйкимли төрт ақлық сүйип отыр. Бүгинги күни өзлери жасап атырған Нөкис қаласындағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынында олар журналистлер шаңарағы деп ҳүрмет пенен тилге алынады. Бул тосыннан емес. Улы Ислам Матеков ата кәсибин таңлап, усы тараўда мийнет етип атыр. Келини Саҳибжамал Есемуратова да журналист, интернет журналистика бойынша илимий изертлеўлер алып бармақта.

Мине, 40 жылдан аслам журналистика тараўында жемисли мийнет етип киятырған Қ.Есебаев быйыл өзиниң алпысыншы бәҳәрин қарсы алмақта. Оған беккем денсаўлық, шаңарағына аманлық, машақатлы жумысында тасқын табыслар тилеп қаламыз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы