Усы жылдың 3-март күни саат 19:39 лар шамасында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министирлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы нәўбетшилик бөлимине келип түскен хабарға муўапық, 3-март күни саат 16:00 лерде Тақыятас районы Н.Сейтмуратов көшесинен өткен      4К4-санлы асфальт жолының 8-километринде  жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ баспасөз хызмети хабар берди.

 

Мәлим болыўынша, Хожели районында жасаўшы Р.Х. басқарыўындағы «SAZ NP» маркалы мәмлекетлик белгиси «95 U 160 DA» болған автобус жоқары тезликте ҳәрекетленип киятырып, жолдың пиядалар  өтиў жолын кесип өтип атырған пияданы дүгип кетиўи ақыбетинде жол-транспорт ҳәдийсеси келип шыққан.

 

Ўақыя ақыбетинде пияда, Хожели районында жасаўшы пуқара М.О. дене жарақатын алып алған жарақаты ақыбетинде Тақыятас районы емлеўханасында өзине келместен қайтыс болған.

 

Бул ўақыя бойынша Тақыятас районлық ИИБ тергеў топары тәрепинен  сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.