Елимизде ҳәр жылы 8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар  күни кеңнен белгиленип, сәне мүнәсибети мене орынларда ҳәр қыйлы илажлар өткериледи.

Усы мүнәсибет пенен Республикалық көзи әззилер китапханасында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамблиниң бақсы-сәзендеси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген  мәденият хызметкери Инжигүл Сабурова  менен «Әдиўли ана-әдиўли устаз» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди.

Оған китапхана хызметкерлери, жәмийетшилик ўәкиллери, ғалаба  хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыў кешесинде шығып сөйлегенлер, ҳаял-қызлардың жәмийетимиздеги тутқан орны, оларға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықлар, сондай-ақ, И.Сабурованың өмири ҳәм дөретиўшилиги, елимиздеги үлгили шаңарақ екенлиги, перзентлериниң жетискенликлери ҳаққында кең түрде  сөз етти.

-Ҳаял-гөззалық тымсалы, жәмийеттиң тиреги ҳәм шаңарақтың уйытқысы. Ҳаял-тәбиятынан нәзик болғаны менен олардағы аналық меҳир сондай қүдиретли күшке ийе, ол алға қойған мақсетине ерисиўде, перзентлериниң камалы жолында уллылыққа ийе. Олар тек шаңарақ мақшаласында, перзент тәрбиясында ғана емес, жәмийетимиздиң раўажланыўында да белсене қатнаса алады. Бүгинги күнде ҳаял-қызлар жәмийетимиздиң барлық тараўларында пидакерлик пенен мийнет етип келмекте, – дейди «Шайырлар аўылы» мәкан пуқаралар жыйыны шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-руўхый мәселелер бойынша орынбасары В.Қәллибекова. – Инжигүл мийнет сүйгиш устаз болыўы менен бир қатарда шаңарақта үлгили ана.   Өмирлик жолдасы Бүркит Пиязов пенен биргеликте алты перзентти тәрбиялап, бүгинги күнде мәденият тараўында жумыс алап бармақта. Ол мәҳәллемиздиң ғана емес, ал  халқымыздың да мақтанышы.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы