Усы жыл 4-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў басқармасы тәрепинен «Жасларды қоллапқуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» және  15-март «Пүткил жер жүзлиик тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў күни»не бағышланған  семинар  өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан Республикасы миллий метрология иниституты мәмлекетлик кәрханасының Қарақалпақстан филиалы, Мәмлекетлик салық басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң жуўапкер ўәкиллери, университеттиң белсенди студент-жаслары қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў басқармасының баслығы Қошқарбай Садыков шығып сөйлеп, басқарманың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар, тутыныўшылардың ҳуқықлары менен мәплери ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

– Исбилерменлик ҳәм тутыныўшылық мәдениятын жетилистириў, халықтың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде быйылғы жылдың илажлар режеси тастыйықланды ҳәм график тийкарында тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте профилактикалық, үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириў жумысларын алып барыў режелестирилген. Мине, бүгин университет жаслары менен ушырастық. Енди улыўма орта билим бериў мектеплеринде, орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң жаслары менен де ушырасыўлар өткеремиз, – дейди басқарманың бөлим баслығы Султанбек Нажимов.

Семинарда «Тутыныўшы санлы мәканда» ҳәм «Тутыныўшы сөзиниң мәниси ҳәм ол ким?» атамасындағы баянатлар слайдлар жәрдеминде көрсетилип, бунда жасларымыз санлы технология дәўириндеги тутыныўшылар, электрон саўда, мобиль хызметлер тараўында реклама мүнәсибетлеринде тутыныўшылардың ҳуқықлары, жаслардың қәўипсиз сайтлардан сатып алыўы ҳәм сатып алмақшы болған товарының қәўипсиз ҳәм сапалы болыўы ушын нелерге итибар бериў кереклиги ҳаққында кең түрде мағлыўматқа ийе болды.

Студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы