Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

 

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң 2020-жыл 18-февральдағы «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап -қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы  «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципине тийкарланған жаңа системаны енгизиўде айрықша әҳмийетке ийе болды. Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Денетәрбия ҳәм спорт, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрликлери, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги, республика Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилип атырған илаждың тийкарғы мақсети, орынларда пидәкерлик мийнет етип атырған ҳәм жоқары нәтийжелерге ерискен пуқаралар жыйынларының хызметкерлерин, профилактика инспекторларының ҳәм басқа да мәмлекетлик және пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының мәпдар шөлкемлер менен  биргеликте әмелге асырылып атырған алдыңғы ис- тәжирийбелерин кеңнен ен жайдырыўдан ибарат.

Жеңимпазларды анықлаўда пуқаралар жыйыны аймағында жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар жүз бермегенлиги, шаңарақларда саламат орталықтың қәлиплескенлиги, көркем ҳәм қолайлы инфраструктураның жаратылғанлығы, халықтың исбилерменликке тартылғанлығы ҳәм бәнтлиги тәмийинленгенлиги, қыйтақ жерден өнимли пайдаланыў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, қорғаныў ордерлерин қолланыў, профилактикалық есапта турған, нәшебентлик ҳәм алкогольге берилген шахслар, тынышсыз шаңарақлар менен ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Таңлаў жуўмағында Әмиўдәрья районы «Қылышбай» аўыл пуқаралар жыйыны биринши, Қоңырат районы «Қумбыз» аўыл пуқаралар жыйыны екинши, Тахтакөпир районы «Тахтакөпир» аўыл пуқаралар жыйыны үшинши орынларды ийелеп, Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйылқланды.

Сондай-ақ, «Пуқаралар жыйынының ең пидайы  баслығы», «Ең белсенди профилактика инспекторы», «Адабанластырыў, қыйтақ жер ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша ең шебер мәсләҳәтши», «Пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-руўхыйлық мәселери бойынша ең белсенди орынбасары», «Пуқаралар жыйыны баслығының шебер кекселер ҳәм нуранийлар бойынша тәжирийбели мәсләҳәтшиси», «Пуқаралар жыйыны баслығының жаслар мәселелери бойынша жанкүйер мәсләҳәтшиси», «Ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша комиссияның ибратлы баслығы», «Профилактика иснпекторының ең белсенди жәрдемшиси» ҳәм басқа да бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды

– Таңлаўда «Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ең белсенди инспектор» номинациясы жеңимпазлығы мүнәсип тапқанлығынан қуўанышлыман,-дейди Кегейли районы Ишки ислер бөлиминиң Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы Сапаргүл Бердишева,-Келешекте ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўда еле де тығыз бирге ислесемиз.

Ҳәр бир номинация жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери