Быйылғы Наўрыз байрамында мийнет ҳәптесиниң даўамлылығына қарамастан барлық хызметкерлер избе-из 3 күн дем алады, деп жазбақта ӨзА.

 

Дәслеп 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамында дем алыс күнлеринде айырықша өзгерис болмайды ҳәм төмендегише тәртипке салынады:

 

6-март – шемби (тек ғана 5 күнлик мийнет ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын дем алыс күни, 6 күнлик мийнет ҳәптесиндегилер ушын жумыс күни);

 

7-март – екшемби (ҳәмме ушын дем алыс күни);

 

8-март – (байрам, ҳәмме ушын дем алыс күни).

 

Мийнет ҳәптесиниң даўамлылығына қарамастан Наўрыз байрамында барлық хызметкерлерге төмендеги сәнелер дем алыс күни болып табылады:

 

20-март – шемби (барлық хызметкерлер ушын дем алыс күни);

 

21-март – екшемби (Наўрыз байрамы);

 

22-март – дүйшемби (27-март (шемби)деги дем алыс күни көширилген – барлық хызметкерлер ушын дем алыс күни).

 

27-март – шемби күни барлық хызметкерлер ушын, соның ишинде, ҳәптесине 5 күн ислейтуғын хызметкерлер ушын да жумыс күни болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.