Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң материаллық жақтан жуўапкерлери 2018-2020-жылларда мектептиң тренер ҳәм хызметкерлерине жәми 491,4 млн сумм муғдарында хызмет сапары қәрежетлери және мийнет ҳақыларын нақ пул түринде ажыратып, төлеў бланкаларындағы қол таңбаларын қәлбекилестирип, бюджет қаржыларын өзлестирген.

 

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Елликқала районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде усы жағдай анықланған.

 

Жүз берген жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта, деп жазбақта ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети «Маърифат» газетасына тийкарланып.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.