Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң мәжилислер залында Ишки туризмди раўажландырыўға бағышланған видеоконференц байланыс түриндеги мәжилис болып өтти.

Оған  Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығы Б.Қосекеев,  бирлеспе Кеңесиниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм республикамыздағы  барлық министрликлерге қараслы мәкеме-кәрхана  ҳәм шөлкемлердиң кәсиплик аўқам шөлкеми баслықлары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары М.Дәнияров басқарып барды. Онда Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы жанындағы  «Касаба Сайёр» кәрханасы баслығы шығып сөйлеп, соңғы жыллары  Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде Туризм тараўын  раўажландырыў ҳәм оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған сиясат ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў мүмкиншиликлери туўралы илаж қатнасыўшыларына кеңнен түсиниклер берди.

Сондай-ақ, Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығы Б.Қосекеевте шығып сөйлеп, ишки туризмди раўажландырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасының имканиятлары ҳәм саяхатшылар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында сѳз етип, аймағымызға Өзбекстанның басқа ўәлаятларынан да саяхатшыларды тартыў зәрүрлиги ҳәм оған  «Касаба сайёр» кәрханасы жақыннан жәрдем көрсетсе мақсетке муўапық болатуғынлығы туўралы өз пикирлерин билдирди.

Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша шөлкемлестириўшилерге мүрәжат етип, оған тийисли жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги