Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында  3-март күни турақ жай қурылысы ҳәм ипотека базарын раўажландырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Халық санының өсиўи менен турақ жайға да мүтәжлик артатуғыны тәбийғый. Шавкат Мирзиёев Президент ўазыйпасына кирискен биринши ўақытларынан-ақ бул әҳмийетли мәселени айрықша итибарға алып, адамларды турақ жай менен тәмийинлеў  илажларын көрди. Мәмлекетимиз басшысының  2016-жыл 21-октябрьдеги қарарына бола, аўылларда,  22-ноябрьдеги қарары менен болса қалаларда арзан турақ жайлар қурыў бойынша бағдарламалар қабыл етилди. Олар тийкарында, өткен төрт жылда  140 мың турақ жай қурылды. Жылына қурылған жайлардың орташа саны салыстырылғанда, бул бурынғы көрсеткиштен 4-5 есе көп болып табылады.

Бирақ усының менен шекленип қалынбайды. Жайға мүтәжлиги бар шаңарақлар еле де көп. Бул бойынша халықтан мүрәжатлар болмақта. Және мыңлаған турақ жайлар қурыў, жойбар ҳәм қурылыстың сапасын арттырыў, тәжирийбели қәнигелер таярлаўды турмыстың өзи талап етпекте.

Видеоселектор мәжилисинде бул бағдардағы ўазыйпалар додаланды.

Президент халықтың барлық қатламларын турақ жай менен тәмийинлеў, бул бағдарда таңлаў имканиятын кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сол мақсетте быйылғы жылы 54 мың шаңарақты турақ жай менен тәмийинлеў мөлшерленбекте. Соның ишинде, мәмлекетлик ипотека бағдарламасы шеңберинде улыўма  45 мың жай қурылады.

Соннан «Қишлоқ қурилиш инвест» ҳәм «Ўзшаҳар қурилиш инвест» инжиниринг компаниялары тәрепинен  12  мың  жай, Қаржы министрлигиниң коммерциялық банклерге жайластырылатуғын ресурслары есабынан  26 мың 500 квартира, жеке меншик исбилерменлер тәрепинен қурылып атырған  8 мың жай пайдаланыўға тапсырылады. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм  барлық ўәлаятларда жеке тәртиптеги турақ жай ушын 500 ге шекем, улыўма  6,5 мың шаңараққа кредит бериледи. Буннан тысқары, аўыр турмыс шараятына түсип, баспанасыз қалған мың шаңарақ, әсиресе, ҳаялларға ижара тийкарында социаллық турақ жайлар ажыратылады.

Аймақлар көлеминде айтқанда, Қарақалпақстанда 2290, Әндижанда 4665, Бухарада 3220, Жиззақта 1670, Қашақадәрьяда 3710, Наўайыда 1836, Наманганда 4025, Самарқандта 4479, Сурхандәрьяда  3989, Сырдәрьяда 1414, Ташкент ўәлаятында 4046, Ферганада 4530, Хорезмде  3016 ҳәм Ташкент қаласында 7556 турақ жай қурып питкериледи.

– Бүгинги күнге шекем бундай көлемдеги қурылыс бағдарламасын әмелге асырмағанбыз. Соның ушын ҳәр бир ўәлаяттың ҳәкими турақ жай мәселеси менен терең шуғылланып, анық есап-санаққа ийе болыўы керек. Ең үлкен мәселе – бул турақ жайлардың баҳасын әдалатлы қәлиплестириў. Бүгинги баҳадан адамларымыз разы емес, – деди Шавкат Мирзиёев.

Соның ушын ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлерине қурылыс материалларын арзанырақ ҳәм жақынырақтан алып, бир квадрат метр жайдың баҳасын 4 миллион сумнан арттырмаў илажларын көриў ўазыйпасы қойылды.

Мәселен, газобетон блокларын орынларда ислеп шығарыў арқалы өзине түсер баҳаны азайтыў мүмкин. Сонлықтан «Өзстандарт» агентлигине ҳәр бир аймақта газобетон ислеп шығарыўшыларды стандартларға үйретип, өнимлерди сертификатлаў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте қурылыс жумысларының қаржы дәреклери де көрип шығылды. Быйылғы жылы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасы шеңберинде 11 триллион   500 миллиард сум қаржы ажыратылатуғыны атап өтилди.

– Усы жылдан баслап, ипотека кредити бойынша қаржы ресурсларынан  жетиспеўшилик ҳәм шеклеўлер болмайды, аймақлар қосымша усыныс пенен шықса, унамлы шешиледи, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Пуқараларға жеке тәртипте жай қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын да кредит ажыратылатуғыны белгиленди. Бундай кредитлер  20 жылға ажыратылады, мүтәж халық ушын проценттиң бир бөлеги субсидия сыпатында төлеп бериледи. Қаржы министрлигине бул бағдар ушын 1,5 триллион сум ресурс ажыратыў, ўәлаят ҳәкимлерине қайсы районда қанша шаңараққа жәрдем бериў мәселесин шешиў ўазыйпасы қойылды.

Турақ жайлардың қурылысы ушын мәмлекет тәрепинен ҳәм халыққа, ҳәм қурылысшыларға үлкен жеңилликлер берилмекте. Соның ишинде, быйылғы жылы ипотека кредити бойынша 6 айлық жеңилликли дәўир киргизиледи. Қалаларда дәслепки төлемниң муғдары  20 проценттен 15 процентке түсириледи.

Төмен дәраматлы, турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж шаңарақларға 15 процентлик дәслепки төлемниң  10 проценти субсидия сыпатында төлеп бериледи. Яғный, халық жай алыў ушын дәслепки төлемниң тек 5 процентин төлейди.

Кредит алған халық ушын процент төлемлериниң Ташкент қаласында  12 проценти, басқа аймақларда  10 процентинен жоқары бөлегине субсидия бериледи.

Сондай-ақ, қурылыс шөлкемлерине пандемия дәўиринде берилген жеңилликлер быйылғы жылдың ақырына шекем созылыўы мәлим етилди. Соның ишинде, Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен қурыўшы шөлкемлерге турақ жай қурыў ушын тартылған кредитлер бойынша  20 миллиард сумға шекем кепиллик және Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артқан бөлегине компенсация бериледи.

Мәжилисте аўыр турмыс шараятындағы шаңарақларды социаллық ижара тийкарында жай менен тәмийинлеў мәселелерине де тоқтап өтилди. Буның ушын аймақларда мың квартира сатып алыў ушын қаржы ажыратылатуғыны атап өтилди.

Усының менен шекленип қалмастан, социаллық ижараны кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтиллди. Мысал ушын, жеке меншик ижара ҳақысының бир бөлегине субсидия  бериў ямаса пайдаланылмай атырған жатақханаларды оңлап социаллық ижараға ажыратыў мүмкин.

Жуўапкерлерге бул бағдардағы тәртипти ислеп шығыў ҳәм ең мүтәж шаңарақлардың дизимин қәлиплестириў бойынша тапсырма берилди.

– Ең әҳмийетли мәселе берилип атырған жеңилликлерди ҳадал-пәк қолланыў бойынша әдилликли система жаратыў, бул бағдарда адамларымыздың хабардарлығын арттырыў зәрүр, – деди Президент.

Усы мақсетте жергиликли кеңес депутатлары, жәмийетлик белсендилердиң қатнасыўында «халықшыл комиссия» шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Олар қурылысшыларға жердиң әдилликли ажыратылыўы, жеңилликке сай мүтәж шаңарақлар дизиминиң қәлиплесиўи ҳәм қурылыслардың сапасы үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатады. Жаңа система тийкарында тараўда жаратылып атырған имканиятлар мәҳәллелерде кең халыққа жеткериледи.

Қаржы министрлигине 1-июньге шекем субсидия төленетуғын пуқараларды социаллық нормалар тийкарында таңлаў ҳәм субсидия төлеў процесслерин автоматластырыў ўазыйпасы жүкленди. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине 1-майға шекем кредит бериў ҳәм субсидия алыў тәртиплери, турақ жайлар және қурылысшылар ҳаққындағы мағлыўматларды қамтып алатуғын ипотека веб-порталын иске қосыў бойынша тапсырма берилди.

Мәмлекетимиз басшысы қурылыстың сапасы мәселесине айрықша итибар қаратты. Ҳәр бир жойбар ипотека веб-порталына жайластырылыўы ҳәм ҳәмме ушын ашық жәрияланыўы, жайлардың болажақ ийеси  сапаны қадағалаў имканиятына ийе болыўы кереклиги атап өтилди.

Жайлардың қурылысына потенциаллы қәнигелер, заманагөй материаллық-техникалық базаға ийе, қаржысы турақлы бөлип алып ислеўши шөлкемлерди рейтинг системасы тийкарында тартыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди. Жаңа тәртип тийкарында қурылатуғын жайлар бойынша техникалық қадағалаўды әмелге асырыў аймақлардағы Бирден-бир буйыртпашы хызметине жүкленди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тараў ҳәм аймақлардың басшылары мәлимлеме берди.

ӨзА