Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳүрметлеў, олардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, арзыў-умтылысларын қоллап-қуўатлаў, өзиниң таланты ҳәм ибратлы жумысы менен жасларға өрнек  болып атырған, түрли тараў ҳәм тармақларда қәбилет  ҳәм имканиятларын әмелге асырып киятырған, Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыўда терең билим ҳәм интеллектуаллық потенциалын көрсетип, өзиниң идеялары менен басламаларын алға қойып атырған, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип атырған қызларды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:

  1. 1. Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы комиссиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының талантлы қызларының ағла минези, айрықша таланты, зийреклиги, интакерлиги, оқыўдағы табыслары және билимлендириў, илим, әдебият, көркем өнер, спорт тараўларында ҳәм жәмийетлик жумыста ерискен айрықша жетискенликлери ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. 2. Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам салтанатларында лауреатлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
  3. 3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақашалай сыйлық берилиўин  тәмийинлесин.
  4. 4. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ибратлы жумысы, олардың айрықша таланты ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. 5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 3-март

***

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2021-жыл 3-марттағы ПҚ-5014-санлы

қарарына қосымша

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлардың

ДИЗИМИ

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Каримбаева Шаҳзада Камаладдин қызы  –  Төрткүл районындағы 12-улыўма орта билимлендириў мектебиниң 11-класс оқыўшысы

Оразбаева Гулсанем Жалғасбай қызы   –   Бозатаў районындағы 1-улыўма орта билимлендириў мектебиниң  8-класс оқыўшысы