Нөкис қаласында белгили палўан Султан Сулаймановтың 60 жыллығына бағышланып гүрес бойынша абсолют бириншилик жарысы болып өтти.

Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Байниязов, ветеран устазлардан Ж.Мәмбетов, А.Сатаев, П.Хожанов, П.Шылманов, Қ.Наўрызбаев, Өзбекстан еркин гүрес федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң атқарыўшы директоры А.Шарашенидзе,  Өзбекстан дзюдо федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң атқарыўшы директоры Б.Жийемуратов, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң атқарыўшы директоры С.Жүсипбеков шығып сөйлеп,  белгили палўан Султан Сулаймановтың спорттағы қолға киргизген жеңислери, республикамызда гүрести раўажландырыўдағы ҳәм жас спортшыларды таярлаўдағы жемисли мийнетине тоқтап өтти.

Тахтакөпир районының Бөршитаў елатында туўылып өскен Султан Нөкис қаласына  келип, кишкене ўақытларынан баслап орайлық спорт залда еркин гүрес секциясында қатнай баслады. Көплеген жарысларда, халықаралық турнирлерде, Өзбекстан чемпионы болды. Бурынғы аўқам спорт шебери нормативин орынлап, Сапалақ палўанның естелиги ушын өткерилген жарыста өз салмақ категориясында биринши орынды ийеледи.

Мийнет жолын «Пахтакор» ықтыярлы денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң тренери болып ислеўден баслаған болса, кейин ала Нөкис қаласындағы 3-санлы спорт мектебинде директор,  Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң тренери, соңынан директоры лаўазымларында жемисли мийнет етти. Оның шәкиртлери республикалық, Өзбекстан көлеминде ҳәм халықаралық жарысларда сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Белгили палўанның 60 жыллығына бағышланып өткерилген абсолют бириншиликте 9 командадан 18 палўан қатнасты. Жарыс жуўмағында Нөкис районынан Захириддин Зайтов биринши, Хожели районынан Зарапатдин Турдымуратов екинши, Шоманай районынан Мийирбек Абдихаликов ҳәм Қоңырат районынан Эргаш Айтбаев үшинши орынларды ийеледи.

Жарыстың сыйлы орын ийелерине Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери